November 7, 2020

Дөгерек сәўбети болып өтти

-Мәмлекетимизде ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе болып, тили, дини, расасы, диний исеними, келип шығыўына қарамай теңдей билим алыў ҳуқықына ийе.-дейди техноген көркем өнер (Кино, телевидение, радио сес режиссёрлығы) қәнигелиги студенти Б.Адилов.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында “Билимлендириў ҳаққында”ғы нызамның мазмун-әҳмийетин студент-жасларға кеңнен түсиндириў бойынша дөгерек сәўбети болып өтти. Илажды Жаслар менен ислесиў, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими методисти Т.Даулетмуратов ашты ҳәм алып барды.

Онда “Билимлендириў ҳаққында” нызамда көрсетилген билим бериў, тәрбия бериў, кәсип-өнер ийелеўдиң ҳуқықый тийкарлары, билим алыў кепиллиги ҳәм басқа да нызам шеңбериндеги көрсетилген ҳуқықлары бойынша кең түрде түсиник берилди.

-Мәмлекетимизде ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе болып, тили, дини, расасы, диний исеними, келип шығыўына қарамай теңдей билим алыў ҳуқықына ийе.-дейди техноген көркем өнер (Кино, телевидение, радио сес режиссёрлығы) қәнигелиги студенти Б.Адилов. – Ҳақыйқатында да, ҳәр бир инсанның билим алыў ҳуқықы бас нызамымыз болған конституциямызда да белгилеп берилген. Биз ойлаймыз, ҳәр бир жас өзиниң нызамлы ҳуқықынан пайдаланып, мәмлекетимиз раўажланыўында өз үлесин қоса алады.

Өткерилген илаж даўамында бүгинги күнде алып барылып атырған жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты, Президентимиз тәрепинен енгизилген бес басламаның мазмун мәниси бойынша да айтып өтилди.

Илаж соңында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети