November 20, 2019

КЕЎИЛ КЕШИРМЕЛЕРИ МУҢЛЫ ҚЫЗ

(Болған ўақыя тийкарында)

Бир орында қозғалмастан жатыў, тек ғана өзиң менен өзиң болып, таң атқанша аўырыў менен айқасып шығыўдан артық азап болмаса керек. Қуяш нурынан ләззет алып, жерди өз аяғың менен басып жүргенге, таза ҳаўадан тойып нәпес алғанға не жетсин. Ҳаял адам нәзик болғанлықтан ба яки күшиниң жеткени сол ма, дәртиниң барлығын көз жас пенен төгеди. Лекин, мениң дәртим көз жасым менен емес, кеўлимдеги қатып қалған «тоң» менен алмасып қалған сыяқлы. Мектепте оқып жүрген ўақтымда шығысы әзербайжанлы болған әкем менен рус миллетинен болған анам мен билмеген ҳәм аңламаған себеплерге бола ажырасып кетти. Үйде меннен басқа еки иним бар. Олар әкем үйден шығып кеткен ўақтында еле кишкене балалар еди. Мектепти де питкерип, жоқары оқыў орнында оқып жүргенимде әкем мениң менен ушырасыўға келип, анам менен ажырасқанының себеплерин, оннан соң басқа шаңарақ қурмағанлығын, перзентлерин жақсы көрип, бизлер менен және бирге жасағысы келетуғынлығын айтып кетти. Мен булардың барлығын анама түсиндирип айтыўға ҳәрекет етсем де анам мени тыңлағысы да келмеди (себеби, оның кеўли әлле қашан өзге инсанда екен. Оны телефон қоңыраўларындағы сәўбетлерден аңлайтуғын едим). Солай етип әкем менен тек ғана көшеде көрисип, сағынышымды басатуғын болдым. Инилерим анамның қарсылығына бола әкем менен көрисе алмайды.

Бир күни оқыўдан шығып, жолдың шетинде пиядалап кетип баратырсам машинаның ишинде анамның бир ер адам менен сөйлесип отырғанын көрип қалып, қол телефонына қоңыраў еттим. Анамды сыртынан гүзетип турыппан. Көп ойланып соң жуўап берди.

— Алло мама, қалайсыз. Қаяқтасыз.

— Ҳаў, қызым жумыстаман, қасымда адамлар бар еди. Өзим кейин шығаман, — деди де жаўып таслады.

Қатты ызам келди. Сонда өзиниң перзентин усы еркектен төмен қойғаны ма. Яки өз қылығын сездирмеў ушын мениң менен сөйлеспеди ме екен. Олардың кеўилли отырғанын көрип қасына барып урыспақшы да болдым. Бирақ, өзимди қолға алдым. Асығыслық пенен шешим қабылламаўды жөн көрдим. Кеште үйге анам шаршаған ҳалда келди.

— Мама, жақсы келдиңизбе. Күни бойы телефон еттим. Жуўап бермедиңиз, не болды.

— Даша, шаршап турман, артықша сораў бере берме Дима менен Эрик қайда.

— Олар сизди күтип-күтип әлле қашан уйқылап қалды.

— Болады, мен де дем аламан, қалған гәпти ертең сөйлесемиз.

Ертеңине де анам менен тиллесиў имканияты болмады. Сол тақыллетте күнлер ырыл-тырыл өте берди. Қыз бала анасы менен сырласып, ашықтан-ашық сөйлесип турмаса арадағы жақын мүнәсибетлер тез суўып кетеди екен. Итибардан шетте қалған адам үйинен, шаңарағынан, жақын инсанларынан меҳир таппаған соң көшеден, өзгелерден меҳир излеп қалады екен. Университетте оқыў даўамында көплеген таңлаўларға, жарысларға қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип жүрген едим. Үйимдеги машқалалардан шаршап, оқыўға болған қызығыўшылығым да жоғалды. Усындай күнлердиң биринде Марат атлы қазақ жигити менен танысып қалдым. Ол да ата-анасының меҳирине тоймаған, кишкене ўақтынан баслап қыйыншылық көрип өскен, өмирдиң ашшы-душшысын татып үлгерген жигит. Оның менен жақын дос болып жүрип, соңынан ала кеўиллеримизде муҳаббат сезимлери бүртик жара баслады. Марат пенен танысқаныма көп ўақыт болмаса да оған барлық сырларымды айтып, кеўлимдеги муңларымды төгип саламан. Оның менен өткерген ўақытларым өзимди еркин қустай сезинемен. Бәлким, муҳаббат деген усы шығар деп ойлап қояман.

Анама өзимдеги бул сезимлерди, ишки дебдиўлеримди айтайын десем, мениң менен ҳәтте бир дастурхан басында отырмайтуғын да болды. Бир күни азанғы шайдың ўақтында есик қоңыраўы басылды. Кишкене иним барып хабарласты. Ер адамның ҳөктем даўысы еситилип тур.

— Ҳә, жетимек, қалайсаң. Сәлем қәне, ишке мирәт етпейсең бе.

Иним асхана тәрепке ол кисини баслап келди, орнымнан ушып турдым. Ол баяғы машинада анам менен отырған еркек еди. Бөлмесинде уйқылап жатырған анам қасымызға ушып келди.

— Вадим, бул жерде не қылып жүрсең.

— Жаным бул неси, үйге келген мийманды да усылай күтип ала ма екен.

— Жүр мына ханаға кир, сөйлесип аламыз.

Анам оны ишке алып кетти.

— Үйге келмеўиң керек еди.

Ҳәмме нәрсениң ўақты-сааты бар деп айттым ғой ақыры.

— Қашанға шекем жасырасаң, мүнәсибетлеримизди. Қызың барлығын билетуғын уқсайды. Оны қашан жоқ қылажақсаң бул үйден. Мен қашан сениң менен ерли-зайыплы болып еркин жасайман. Еки улыңды қашан тапсыражақсаң. Мен артық күте алмайман. Бүгиннен қалдырсаң мени басқа көрмейсең...

Мен бул гәплердиң соңын еситип тура алмадым. Көшеге қалайынша атлығып шыққанымды билмеймен, үсти-басым бир аўҳалда үлкен гүзар жолдың ортасында бул дүньядан безген адам сыяқлы кетип баратырғанымды ҳеш аңламадым. Тек ғана машина сигналының қатты даўысын еситтим де, қараңғы түнекке түсип кеттим. Көзимди ашқанымда емлеўханада аяқ қолларым гипсленген, денемдеги қатты аўырыў менен көз алдымның әжептәўир болып турған көринисинде ояндым. (Жол апатшылығына ушыраған ўақтымда «тез жәрдем»ниң шыпакерлери қол телефонымнан әкеме қоңыраў етип, хабарлапты. Сол күни кешки ўақыт Марат пенен ушыраспақшы едик. Мени кешке шекем излеген. Телефоныма қайта-қайта шыққан, соң әкем жуўап берип, болған ўақыяны оған айтыпты. Мине сол күннен баслап әкем менен Марат қасымнан бир адым да шықпастан отыр). Сөйлейин деймен, еринлерим ҳеш ҳәрекетке келмейди. Көзимди ашайын десем жумылып, қараңғылық басып кете береди. Әкем бир нәрселерди айтып атыр, бирақ, не екенлиги маған түсиниксиз. Марат болса көз жасын тыя алмай, қамсығып тур. Мен сол жатысымда жанландырыў бөлиминде үш күн жан таласып жатыппан. Төртинши күнге қарап шыпакерлердиң жәрдеми менен өзиме келген соң мени палатаға көширди. Кейин билсем сол таңда мени үлкен жүк машинасы басып кетипти. Шыпакерлер мени жасап кетиўи нагүман деп қойған. Бирақ, Аллатааланың кәраматы шыпакерлердиң жәрдеми менен мени өмирге қайтарыпты. Көп қан жоғалтып, жети жеримнен жарақатланғанман. Сол жатыста емлеўханада 28 күн жаттым. Жамбас сүйегим, сан, жаўырын сүйеклерим сынып, бир орында қозғала алмай, ҳәтте аўқатымды да өзим ише алмайман. Мениң еки ғамқоршым қасымда пәрмана. Бирақ, усы күнге шекем өз туўған анамның мениң тирилигимнен, аўҳалымнан хабар алмағаны барлық аўырыў азабынан да асып түсти. Еки инимди сағынып, көз жас төгип аламан. Әкеме айтсам, үйге бардым, бирақ, олар мени киргизбеди ҳәтте неге келдиңиз деп те сорамады, — деди. Ана жүреги де соншелли қатал, мийримсиз болады екен-аў. Бул аўҳалымды, бул азапларды мен ҳәтте душпаныма да рәўа көрмес едим. Устазларым, группаласларым, жақынларымның барлығы тез-тез келип, жағдайымнан хабар алып тур. Бирақ, мен олардың ишинен мийримсиз анамды излеймен. Аўырыў зардабына шыдамай кеткен ўақтымда ғәзебимниң барлығын Маратқа шашаман. Ол да мениң жағдайымды түсингенликтен ҳеш бир жаман сөз айтпайды. Қайта бул өмирде өз орнымды табыўға, бул сынақларды мәртлик пенен жеңип шығыўыма күш берип турады. Әкем мени емлеўханадан шыққан соң өз үйине алып кетти. Мен сол жатысымда 9 ай төсекте жатып қалдым. Сол арада көрген азапларым, шеккен дәртлерим өзим менен тек ғана бир Аллаға аян. Кишкене ўақтымнан баслап мәпелеп өсирген анамның бир майданда өзгериўине не себеп болды екен, деп төсекте жатып ойланаман. Өмириниң жарты жолында қосылған сол еркектиң жалған сөзлерине исенип, меннен безип кеткенин ҳеш ақылыма сыйдыра алмайман. Әкеме айтсам — Анаң ақыллы ҳаял еди. Оны шайтан жолдан аздырды. Болмаса қайсы ана өлим менен айқасып атырған жигербентин таслап кетеди. Бәлким, бир күн келип қудай жүрегине инсапты, ийманды салса айланып келер, — деп мени жубатқан болады. Мениң кеўлимде тек ғана бир үмит бар. Мен саўалып аяқтан жүрип кетемен дегенше анам мени көриўге келеди деп нийет етемен.

Қыздың кишкене ғана жүрегиндеги бул дәртлер ўақты келип жазылып та кетер. Денсаўлығы тикленип, сүйенген таўы — әкесиниң панасында, сүйиклисиниң шын муҳаббатынан жаралған меҳиринен нәр алып, өткен тәшўишлерди умытып кетиўи де мүмкин. Бирақ, анасының ислеген «қылўаларын» умыта алармекен.

Қәлбиндеги жараның питип кетиўи ушын ўақыт даўа бола ма екен. Анасы айланып келген жағдайда бул муңлы қыз оны кеширерме екен. Сораўлар көп. Оған табылатуғын жуўаплар мийимсиз ананың шешимине пайлы.

Наргиза НУРИЕВА.