November 7, 2019

9 АЙДЫҢ ЖУЎМАҒЫ ҚАНДАЙ?

Өткен жыллар даўамында суд системасы тараўының жумысларын жетилистириў, судьяларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў тәртибин беккемлеў, ҳәр бир ис бойынша ныззмлы, тийкарланған ҳәм әдил суд қарарының шығарылыўын тәмийинлеўге қаратылған комплексли ис-илажлар әмелге асырылмақта. Тийкарынан Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси дүзилди. Суд ҳәкимиятының бирден-бир жокарғы органы – Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, сондай-ақ, судьялық лаўазымына мүддетсиз ўақытқа тайынлаў (сайлаў) тәртиби енгизилди. Барлық түрдеги суд ислерин көшпели суд мәжилислеринде көрип шығыў әмелиятының кеңейттирилгени жәмийет пенен ашық сәўбетти жолға қойыў ҳәм суд ҳәкимиятының жәриялылығын арттырыў жолында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентаниң «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистариў ҳәм суд ҳәкимияты уйымларына исенимди арттырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 13-июльдеги ПП-5482-санлы Пәрманының 1-бәнтинде судлар жумыслары ҳаққыкда кең жэмийетшиликти ҳәм галаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықлары тәрепинен баспасөз конференцияларын өткериў белгиленген.

Өткен ҳәптеде Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықларының 2019-жылдың 9 айы даўамындағы жумыслары бойынша мәлимлемесин кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасында олардың итибарына толық жеткериў мақсетинде мәжилис болып өтти. Суд баслықларының берген мағлыўматлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Пукаралық ислери бойынша судында 2019-жылдың 9 айы даўамында 5297 ис жуўмакланған, 1250 ис көрип шығылып атыр, 1972 ис көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылған. Некеден айырыў мәселеси бойынша 181 ис көрип шығылиўдан бас тартқан болса, 975 ис ажырасыў менен жуўмақлаған.

Ҳәкимшилик судында 2018-жыл 10396 ис, 2019-жыл 9965 ис көрилген. 148 ис Нөкис қаласы ҳәм районларда сол орынның өзинде көрип шығылып, мәселелер шешилген. 674 пуқараның мүражатлары қаралған. Экономикалық суды тәрепинен болса көшпели мәжилислерде 2018-жыл 12252 ис, 2019-жыл 3441ис қаралған. 182 ис видеоконференциялар арқалы өткерилген. Халық тәрепинен Президенттиң виртуал қабыллаўханасына 28, халық қабылларханасына 5, Бас министр қабыллаўханасына 5 арза келип түскен. Сондай-ақ, 9 ай даўамында газета-журналларда 66, телевидениеде 39, радио каналларла 62 рет материаллар жәрняланған.

Өткен жылға салыстырғанда быйыл жынаятшылық бойынша көрилген ислер анағурлым дәрежеле кемейгенин статистикалық мағлыўматлар арқалы көриўимизге болады.

Н.НУРИЕВА.

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы

7-ноябрь, 2019-жыл. №45 (8061)