July 28, 2020

Үйде отырып Мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканияты жаратылды

Елимизде коронавирус инфекциясына қарсы гүресиӯде жәрияланған карантин дәӯиринде ҳалықтың барлық түрдеги имканиятлары шекленип қалды. Автотранспортлардың шеклениӯи адамлардың ѳз жумыс орынларына яки басқа да шѳлкемлерге барыӯ бираз қыйыншылық туӯдырмақда.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декбрдеги ПП-5278- санлы халыкка мəмлекетлик хызметлер көрсетиўдың миллий системасын реформалаў ис-илажлары ҳаққындағы парманы бойынша, мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын барлық мәмлекетлик хызметлер электрон түрде my.gov.uz порталы арқалы онлайн түрде ҳәм кешиктирип болмайтуғын жағдайларда ғана орайлар арқалы әмелге асырылады.

Бунда мәмлекетлик хызметлер орайына бармастан бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы орайлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлерден өз үйиңизден шықпаған ҳалда интернет арқалы пайдаланыӯыңызға болады. Мәмлекетлик хызметлерден электрон тәризде пайдалансаңыз Сизден белгиленген төлемниң 90% муғдарында төлем өндириледи, яғный 10%ға шегирме бериледи, хызметлер ушын белгиленген бажы ҳәм жыйымларды республикамыздағы барлық түрдеги төлеӯ системалары (Click, Payme, Upay)арқалы төлеӯ имканияты жаратылды. Бул имканиятлар әлбетте пандемия дәӯиринде ҳалықтың карантин қағыйдаларына еледе әмел етиӯине имканият пайда болды.

Усы ӯақтынша шеклеӯлер Өзбекстан Республикасы коронавирус инфекциясының кирип келиӯи хәм тарқалыӯының алдын алыӯ бойынша республика арнаӯлы комиссиясының қарарына тийкар орнатылмақда. Бул имканиятлардан дурыс пайдаланып, карантин қағыйдаларына әмел етиӯиңизге өзиңиз ҳәм жақынларыңызды бул қәӯиптен сақлаӯыңызға исенемен.

И.Жамиев

Өзбекстан экология партиясы Қоңырат районлық Кеңеси,

№24 санлы «Наӯрыз»

сайлаӯ округи депутаты

#UydaQoling

#OставайсяДома

#StayHome

#vahimasizkarantin