Өзбекстанда жетекши Партия сыпатында әмелде жоқары нәтийжеге ерисип киятырған O’zLiDePти қоллап-қуўатлаўға шақырып қаламыз!!!
Бүгинги кўнде сайлаў алдынан Республикамыз партиялары тәрепинен орынларда кең түрде үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Барлық аймақларда сайлаў алдынан митинглер, ушырасыўлар өткерилип, көргизбели визуал қураллар, аўдио, видео ҳәм басқа да рекламалық характердеги, үгит-нәсият формасындағы сайлаўларға белсене қатнасыў ҳәм мүнәсип талабанға даўыс бериўге шақырық мәнисиндеги илажлар көрилмекте.
Сайлаў бул демоктратиялық реформаларымыздың шын мәнисиндеги айнасы ўазыйпасын атқаратуғынлығы ҳәммемизге мәлим. Солай екен, мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасы өткерилиўи кўтилип атырған сайлаўға белсенди қатнасыўы ҳәм ең мүнәсип талабанға даўыс бериў миннетли ўазыйпа.
Биз, талабанға даўыс бериў арқалы халқымыздың сөйлер сөзи, тыңлар қулағы, бар болған машқалалар ҳәм шешимин күтип турған мәселелерди жоқары органларға жеткерип бериўши ең тийкарғы қуралымызды сайлаймыз. Исенимли ўәкилимизди, ҳақыйқый мүнәсип, жанкүйер, өз жумысын толайым қунт пенен әмелге асырыўшы, халқымыздың дәрти, қуўанышы, ғам-тәшўиши менен бирге жасайтуғын халықшыл ўәкилге даўыс беремиз ҳәм мийнеткеш халқымыз атынан исеним билдирип, жоқары дәрежедеги жуўапкершиликти жүклеймиз.
Биз инсан қәдир-қымбаты уллыланатуғын халық ўәкили сыпатында сайлаў арқалы тек ғана бүгин сайлаўға белсене қатнасып қоймастан, исеним билдирилген ўәкилден әмелий нәтийже күтемиз. Бүгингидей, жәмийетшилик қадағалаўы күшейип, ҒХҚ ҳәм блогерлер, ҳәр бир пуқарамыз тәрепинен жәмийетимиздиң барлық салалалары катаң сын көз қарас ҳәм кең талқылаўдан өткерилип атырған бир дәўирде сайланыўы күтилип атырған ҳәр қандай депутаттан қатаң түрде әмелий нәтийже талап етемиз. Өз орнында халық ўәкили сыпатында депутатларымыз да жәмийетимиздиң социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўында, ҳәр бир пуқараның өтиниш-тилеклери тыңланыўында, олардың машқалаларының шешими табылыўында өзинин оғада салмақлы үлесин қосады деген пикирдемиз.
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында өз орнына ийе партия енсапланады. Бүгинги күнге шекем партия 3 мәрте Президентлик сайлаўында, 3 мәрте Парламент сайлаўында қатнасқан болса, олардың барлығында жеңимпаз болды. Биринши Президентимиз И.А.Каримов O’zLiDeP тәрепинен 2 мәрте, әмелдеги Президентимиз Ш.М.Мирзиёев 1 мәрте усынылды ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти болып сайланды. Буннан тысқары 2 мәрте Бас Ўәзир лаўазымына талабанды усыныс етти ҳәм сайланды.
Солай екен, Өзбекстанда жетекши Партия сыпатында әмелде жоқары нәтийжеге ерисип киятырған Өзбекстан Либерал-Демократиялық партиясын қоллап-қуўатлаўға шақырып қаламыз!!!