November 5, 2019

Өз-бетинше жумыслары

1. Талаплар:

Ҳәр бир өзбетинше жумыс 25 беттен кем болмаўы, ишинде "Кирисиў", "Жуўмақлаў", "Пайдаланылған әдебиятлар дизими" ҳәм темаға тийисли "программа кодлары" келтирилиўи керек. Сондай-ақ, өз-бетинше жумыс пенен бирге, сол өз-бетинше жусмыстың мазмунын ашып бериў ушын, 10 слайдтан кем болмаған презентацияныда қосып тапсырасыз. Өз-бетинше жумыслары қағаз ҳәм электрон вариантта болыўы керек. Қағаз варианттағы өз-бетинше жумыслары переплёт исленген ҳалда тапсырылады.

2. Өз-бетинше жумысларының бөлистирилиўи:

2-КИ (сыртқы):

2-КИ (сыртқы)

2-Тел (сыртқы):

2-Тел (сыртқы)

3. Баҳалаў критериялары

Өз-бетинше жумысты баҳалаў төмендегише:

  1. Тема мазмуны толық ашып берилген, 25 беттен кем болмаған, орфографиялық ҳәм грамматикалық қателери жоқ, программа кодлары келтирилген, презентация исленген хәм сол презентация арқалы өз-бетинше жумысы темасы толық түсиндирилип берилсе – 46-50 балл.
  2. Тема мазмуны толық ашып берилген, 25 беттен кем болмаған, айырым орфографиялық ҳәм грамматикалық қателери бар, программа кодлары аз келтирилген, презентация исленген хәм сол презентация арқалы өз-бетинше жумысы темасы толық түсиндирилип берилсе – 41-45 балл.
  3. Тема мазмуны ашып берилген, 25 беттен кем болмаған, орфографиялық ҳәм грамматикалық қателери бар, программа кодлары аз келтирилген, презентация исленген хәм сол презентация арқалы өз-бетинше жумысы темасы шала түсиндирилип берилсе – 36-40 балл.
  4. Тема мазмуны ашып берилген, 25 беттен кем болмаған, орфографиялық ҳәм грамматикалық қателери бар, программа кодлары жүда аз келтирилген, презентация шала исленген хәм сол презентация арқалы өз-бетинше жумысы темасы шала түсиндирилип берилсе – 30-35 балл.
  5. Тема мазмуны ашып берилмеген, басқа темағы өтип кетилген, 25 беттен кем, орфографиялық ҳәм грамматикалық қателери жүдә көп, программа кодлары келтирилмеген, презентация исленбеген – 0-29 балл.

Байланыс ушын: Аймурат Орынбаев

Программаластырыў