May 26, 2020

«ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ПАРТИЯСЫНАН САЙЛАНҒАН ДЕПУТАТЛАРДЫҢ БҮГИНГИ ПАНДЕМИЯ ДӘЎИРИНДЕГИ АЛЫП БАРЫП АТЫРҒАН ИЛӘЖЛАРЫ»

Хәзирги ўақытта глобал машқалаға айланған пүткил дүньяны ләрзеге салған жуқпалы COVID-19 вирус эпидемиясы дәўиринде халықтың жәрдемге мүтаж қатламы итибардан шетте қалмаўы жүдә лазым. Президент басшылығында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматтың кескин кемейиуиниң алдын алыў мәселелери бойынша видеоселектор жыйналысындағы «Қайыр-сақауат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық хәрекети шеңбериндеги ислерди мәнзилли жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилген еди.

Қарақалпақстан Республикасы экологиялық партиясынан сайланған Өзбекстан Республикасы Олий мажлис нызамшылық палатасы Өзбекстан экологиялық партиясы фракциясы депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары тәрепинен де бир қатар иләжлар әмелге асырылмақта.

Депутатларымыз социаллық жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген, денсаўлыклары төмен, бағыўшысынан айырылған шаңараклардың аухалларынан хабар алып, бийгарез жәрдем сыпатында материаллық жәрдемлерин, бир неше түрдеги азық-аўқат ҳәм турмыслық өнимлерин жеткерип берип, өз үлеслерин қоспақта.

Сондай-ак, депутатлар пуқаралар менен ушырасыўларында хәр бир қарыс жерден утымлы пайдаланыў, қыйтақ жерлерине овощ-палыз егинлерин өз ўактында егип, шанаракларына дәрамат киргизиуинде үгит-нәсият жумысларын алып барды ҳәм олар тәрепинен карантин дәўиринде жумыссыз қалган, және кем тәмийинленген шаңарақларға егислик нәллери де жеткерилип берилди.

Сырдарья ўәлаятында жуз берген апатшылық ҳалқымыздың аўызбиршилигин, оның қайыр-сақауаты, жәрдемге таяр екенлиги көзге көринди. Усылар қатарында Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми баслығы А.Бегимова басшылығында партия қәнийгелери ҳәм партия тәрепинен сайланган депутатлар Сырдарья ўәлаяты Сардоба районына инсаныйлық жәрдемлерин көрсетти.

Депутатларымыз аймақларындағы шаңарақлардың хал-жағдайларынан хабар алыў менен бирге оларды қыйнап атырған машқалаларды үйренип, бул машқалаларды шешиў бойынша иләжлар алып барыў нәтийжесинде халықтың көплеген мүрәжатлары өз шешимлерин таппақта.

Солардан, Өзбекстан Республикасы Олий мәжлис нызамшылық палатасы Өзбекстан экологиялық партиясы фракциясы депутаты Л. Сейтова Нөкис районы «Саманбай» АПЖ турғынларының аухалын үйренген ҳалда партиямыздың сайлаў алды дәстүринде көрсетилгениндей ҳәзирги күнде халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўде баспа кран, ҳәзирги қыйын ўақытта халықтың өзин-өзи азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўде қыйтақ жерлерден суўғарыў ушын бир киши насос ҳәм үлкен насосты қайта ремонтлаў ислеринде қатнасып, 500 ден көп шаңарақтың қыйтақ жерлерин суў менен тәмийинлеўде өз үлесин қосты.

Хожели районы 38-санлы «Қолаб» сайлаў округынан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Д.Исақулов тәрепинен де көп жумыслар алып барылып атыр. «Жан-Қоңырат» МПЖ турғынларынан түскен мүрәжаты да өз шешимин тапты. Бул аймаққа жаңа трансформатор, темир-бетон таяныш үстинлери, электр тармағы кабель ҳәм сымлары тартылды.

Буннан басқа Ш.Абдиназимов, О.Сапарова, З. Бабажанов, Д. Айтбаева, К. Кадыров, Р. Даулетназарова, Р. Мамбеткадыров, М. Гаипов, У. Мустафаев х.т.б. депутатларымыз халкымыз ушын пидайылық көрсетип келмекте.

Аймақ турғынлары партиямызға ҳәм депутатларымызға улкен миннетдаршылықларын билдирип атыр.

Партиямыз ҳәм депутатларымыз тәрепинен «Қайыр-сақауат ҳәм жәрдем» ҳәрекети шеңбериндеги қайыроқомлық акциялары еле даўам етпекте.

Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми

#UydaQoling

#OставайсяДома

#StayHome

#vahimasizkarantin