November 10, 2019

Астрономиялық ҳәдийсени Қарақалпақстанда турып гүзетиўге болады

2019-Жыл 11-ноябрь күни астрономиялық ҳәдийсе жүз береди. Яғный Меркурий планетасының Қуяш әтирапынан өтиўи бақланады. Бул ўақыя Меркурий транзити деп те аталады.


Транзит Ташкент ўақты менен 17:36 да басланып 23:04 ке шекем даўам етеди ҳәм Меркурий планетасы Қуяш ҳәм жер арасында болады.

Өзбекстанда бул ўақытта Қуяш бататуғынын есапқа алсақ, бул транзитти тек ғана Қарақалпақстан Республикасы аймағында белгили ўақыт аралығында гүзетиў имканияты бар.



Арқа Америка материги аймағында Қуяштың шығыў ўақтында, Қубла-Батыс Азия мәмлекетлери, Африка ҳәм Европа континентлери аймағында болса Қуяш батып атырған ўақытта оны бақлаў имканияты болады.Қубла Америка аймағында жайласқан мәмлекетлерде транзитти толық, яғный дерлик 6 саат көриўге болады.