Қарақалпақстанда қанша турақлы ислеўши GNSS стансиялар бар?
Қарақалпақстанныӊ 6 аймағында Қонырат, Қанлыкѳл, Шымбай, Әмиўдәрья, Тѳрткүл районлары ҳәм Нѳкис қаласы бар болып, бүгинги күнде Республика аерогеодезия орайыныӊ Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде турақлы жумыс ислеп турыўшы GNSS стансияларды басқарыў бѳлими хызмет көрсетпекте.
(https://telegra.ph/GNSS-04-02)🌍Глобал Навигация Жасалма Жолдас системасы -бул арнаўлы навигация жәрдеминде жер майданының қәлеген ноқатында жайласыўды анықлаў ушын ислетилетуғын жасалма жолдас системасы болып, GNSS технологиясы геодезия, жер кадастры, жерди инвентаризация қылыў, инженерлик имаратларын қурыў, геология ҳәм басқаларда кең қолланылады.
GNSS дың тийкарғы қәсийетлери ҳәм абзаллықлары:
🛰GNSS жәрдеминде геодезиялық өлшеўлерди автоматластырыў арқалы бақлаўшыныӊ қәтелери минималластырылады. Аппаратлар жумысының анықлығы ҳаўа райы шараятларына байланыслы емес.
📊GNSS дәстүрий усылларға салыстырғанда жумыс ўақтын сезилерли дәрежеде қысқартырады. Ѳлшеў мағлыўматлары цифрлы фарматта усынылады ҳәм оларды картографикалық, географиялық мәлимлеме системаларына аңсатғана експорт қылыў мүмкин. Буның нәтийжесинде жаратылатуғын карталарда анықлық дәрежеси жоқары болады.
👆Усындай GNSS станциялардан жоқарыда кѳрсетилген хызметлерди геодезиялық жумысларда Республика аерогеодезия орайы менен шәртнама дүзген ҳалда пайдаланылыў мүмкин.
📂Усы станциялар ҳаққында мағлыўмат алыў ушын;
Республика аерогеодезия орайы +99871 234-10-00 телефон номери ямаса aerо[email protected]
📂Қарақалпақстан Республикасы бөлими +99855 102-33-13 телефон номери ямаса qr_aerо[email protected]почтасы арқалы байланысыў мүмкин.