September 3, 2020

Кадастр паспортын таярлаў мүддетлери қысқартылмақта


«Кадастр тараўында айырым мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди (535-сан, 02.09.2020-ж.).

🕐 Қарар менен көшпес мүлк объектине кадастр паспортын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

📓 Оған көре, көшпес мүлк объектин кадастр есабына алыў ҳәм кадастр топламын қәлиплестириў нәтийжесинде көшпес мүлк объекти бойынша электрон формада кадастр паспорты рәсмийлестириледи.

📓Арза бериўши кадастр паспортын алыў ушын Мәмлекетлик хызметлери орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталында дизимнен өтеди.

✅Кадастр паспортын таярлаў:

👉 көшпес мүлк объектлериниң турақ жайға байланыслы бөлеги бойынша төмендеги мүддетлерде әмелге асырылады:
🔸көп квартиралы үйдеги квартира – 3 жумыс күнине шекем;
🔸жеке тәртиптеги турақ жай – 5 жумыс күнине шекем;
(алдын бул мүддет тийислисинше 7, 10 күн еди)

  1. 👉 көшпес мүлк объектлериниң турақ емес жайға байланыслы бөлеги бойынша:
    🔸улыўма майданы 100 кв.м ге шекем – жумыс күнине шекем;
    🔸улыўма майданы 100 кв.м ден 1000 кв.м ге шекем – 7 жумыс күнине шекем;
    🔸улыўма майданы 1000 кв.м ден 5000 кв.м ге шекем – 10 жумыс күнине шекем;
    🔸улыўма майданы 5000 кв.м ден 15000 кв.м ге шекем – 15 жумыс күнине шекем;
    🔸улыўма майданы 15000 кв.м ден 50000 кв.м ге шекем – 20 жумыс күнине шекем;
    🔸улыўма майданы 50000 кв.м ден артық – 25 жумыс күнине шекем.
    (алдын бул мүддет тийислисинше 10 күннен 45 күнине шекем болған)

🧾 Кадастр топламы қәлиплестирилгеннен сон кадастр паспортын бериў ушын төлем муғдары баҳасы көрсетилген хабарнама (инвойс) Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса арза бериўшиге электрон формада жибериледи.

💴 Арза бериўши хабарнаманы алғаннан соң 1 ай даўамында төлем баҳасын төлейди.

💴 Кадастр паспортын бериў ушын төлем баҳалары Министрлер Кабинети қарары (https://lex.uz/docs/2425158) менен белгиленеди.

✅ Төмендеги жағдайларда кадастр паспортын рәсмийлестириў пулсыз әмелге асырылады:

▫️көшпес мүлк объекти бойынша бирлемши кадастр топламы (паспорты) бар болып, объектте өзгерислер (реконструкция, қосымша ҳәм айырықша қурылыс) болмаса;
▫️көшпес мүлк объектиниң бир бөлеги өзгешелестирилгенде объекттиң қалған бөлегине ямаса реконструкциясыз тайпасы өзгергенде;
▫️кадастр топламы (паспорты) жойтылғанда (жарамсыз ҳалда келгенде).
Бундай жағдайларда кадастр паспорты 3 жумыс күни даўамында рәсмийлестириледи.

📓Қағаз формасындағы кадастр паспорты Мәмлекетлик хызметлери орайы ямаса БИМХП арқалы, пластик формасындағы кадатср паспорты тек ғана Мәмлекетлик хызметлери орайлары арқалы усынылады.