September 21, 2020

Қараөзекли исбилерменниң жер участкасын сорап еткен мүрәжаты тараў қәнигелери тәрепинен унамлы шешилди

Қараөзекли исбилерменниң мүрәжаты тараў қәнигелери тәрепинен унамлы шешилди

Өзбекстан Республикасы Призидетиниң кеңесгөйинин Қараөзек районы Маденият АПЖ аймағында өткерилген көшпели кабылыўында «Маденият» АПЖда жасаўшы пуқара Өтемуратова Зухра тәрепинен исбидерменлик пенен шуғылланыў ушын жер участкасын сорап мурәжат етти.

Пуқара Өтемуратова Зухра тарепинен исбилерменлик пенен шығылланыў ушын өзиниң көрип жерген жер участкасы барлығын билдирди.

https://www.youtube.com/watch?v=65FR1mTOcnQ&t=5s

Усы мүрәжаат бойынша Кадастр басқармасы тәрепинен мүрәжаат ийеси менен биргеликте көрсетлиген жер орнына барып көрилгенде хақыйқатанда усы жер участкасы бос екенлиги кадастр қәнигелери тәрепинен анықлық киритилип, сол ўақыттың өзинде өлшеп карталары сызылды хәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кәбинетиниң 2019-жыл 20-декабрдеги 1023-санлы қарары менен тасыйықланған режеге муўапық исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын онлайн аукцион саўдасына қойып бериў белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры басқармасы ҳәм «Жермүлккадастр» мәмлекетлик кәрханасы Мəлимлеме хызмети