Егислик жерлер мәмлекет қорғаўында
Кейинги жылларда республикамызда жерлерден акылға муўапық ҳәм нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, жерден пайдаланыўда қадағалаўды тәмийинлеў ҳәм жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры тараўында қатнасықларды комплекс тәртипке салыўда бир қатар ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдағы ПП-5742-санлы Пәрманы менен «Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў Концепциясы» қабыл етилди.
Усы концепцияда суўғарылатуғын аўыл хожалығы жерлери айрықша қорғаўга алынып, усы жерлерди аўыл хожалығынан басқа мақсетлерге, соннан санаат ҳәм пуқаралық объектлери қурылысы ушын ажыратылыўга жол қойылмайтуғынлығы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары менен ажыратылатуғынлығы, Аўыл хожалығынан баска мақсетлерде пайдаланыў ушын алып қойылатуғын суўғарылатуғын жерлер ушын компенсация төлеми, алып қойылған жер майданлары жайласқан орынларды есапқа алыўшы коэффициентлер қолланбаған ҳалда, сондай-ақ, таза жерлерди өзлестириў ушын талап етилетуғын қарежеттиң 10 есеси, суўғарылмайтуғын көп жыллық терекзарлар ийелеген жерлер, пишензар ҳәм жайлаўлар ҳалатын туптен жақсылаў менен байланыслы болған қарежетлердиң 20 есеси муғдарында есапланыўы, бунда суўғарылатуғын жерлер ушын компенсация төлеминиң 90 пайызы, суўғарылмайтуғын көп жыллық терекзарлар ийелеген жерлер, пишензар ҳәм жайлаўлар ушын компенсация төлеминиң 95 пайызы Республика бюджетине ҳәмде усы сәйкесликте 10 ҳәм 5 пайызы аймақлық жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры басқармаларының арнаўлы есап бетлерине өткерилиўи, усы норма өзбасымшалық пенен жерлердиң аўыл хожалығы айланысынан шығыўына себеп болған жағдайларда келтирилген зыянларды есаплаўдада қолланылады ҳәмде есапланған қарежетлердиң 95 пайызы Республика бюджетине ҳэм 5 пайызы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекцияларының раўажландырыў фондына өндирилиўи белгиленген.
Концепцияға муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинин 2011-жыл 25-майдағы 146-санлы карары менен тастыйықланған “Жер участкасы ийелери, пайдаланыўшылары, ижарашылары ҳәм мүликдарларының көрген зыянларын, сондай-ақ, аўыл ҳәм тоғай хожалығы ислеп шығарыўы набытгершиликлериниң орнын қаплаў тәртиби ҳаққында”ғы Нызамының тийисли бәнтлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритилген.
Басқармамыз тәрепинен, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинин 2011-жыл 25-майдағы 146-санлы карары менен тастыйықланған “Жер участкасы ийелери, пайдаланыўшылары, ижарашылары ҳәм мүликдарларының көрген зыянларын, сондай-ақ, аўыл ҳәм тоғай хожалығы ислеп шығарыўы набытгершиликлериниң орнын қаплаў тәртиби ҳаққында”ғы Нызамы талапларын орынлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
2020-жылдың II-шерегине болған есабат ҳүжжетлерине муўапық, Республика бойынша усы нызам тийкарында 2011-жылдан усы кунге шекем 240 жерден пайдаланыўшыларға 3 млрд 890 миллион 661 мың 209 сум аўыл ҳәм тоғай хожалығы ислеп шығарыўы набытгершиликлери есапланып, 185 жерден пайдаланыўшылардан 3 млрд 121 миллион 2 мың 684 сум өндирилди. Қалған өндирилмеген 55 жерден пайдаланыўшыларға есапланған 924 миллион 821 мың 597 сумды ондириў бойынша тийисли илажлар көрилмекте, атап айтқанда, 29 жерден пайдаланыўшыларға есапланған 775 миллион 983 мың 341 сумды ондириў мақсетинде суд органларына өткерилди.
Алеуатдийин Назаров
Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мамлекетлик кадастры
баскармасы бас қәнигеси