April 21, 2022

«Бизиң жер, бизиң келешек»

22-апрель - Пүткил дуньяжүзлик жер күни мунәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Бизиң жер, бизиң келешек» ураны астында илаж болып өтти.

Даслеп арнаўлы кийимлерде жүриў марафоны менен басланған илажда, қатнасыўшылар студентлер тәрепинен шөлкемлестирилген фотогалерея, Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақапақстан Республикасы басқармаларының соның менен бирге Республика Аэрогеодезия орайы Қарақапақстан Республикасы бөлими тәрепинен тараўда пайдаланилетуғын техникалық үскенелер ҳәм инфографикаларды тамаша етти.

Илаж даўамында студент жаслар менен исленген ушырасыўды университет проректоры С.Алаўатдинов ашып берди ҳәм Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И. Тлеуов 22-апрель Пүткил дүньяжүзлик жер күни мүнәсибети менен өткерилип атырған байрам илажы менен барлық қатнасыўшыларды қутлықлады.

Ўшырасыў даўамында факультет деканлары ҳәм профессор оқытыўшылары өзлериниң презентацияларын ҳәм қызықлы мағлыўматларын оқып еситтирди.

Соның менен бирге, илажда белсенди қатнасқан бир неше студентлер сыйлықланды.

«Бизиң жер, бизиң келешек» ураны астында илаж даўам етеди.

Мағлыўмат ушын бул сәне мүнәсибети менен откерилип атырған илажди Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармаларының соның менен бирге Республика Аэрогеодезия орайы Қарақапақстан Республикасы бөлим тәрепинен шщөлкемлестирилмекте.