April 22, 2022

«Zakovat» билим ринг

Хабарыңыз бар 22-апрель Пүткилдүнья жер куни мүнәсибети менен Кадастр агентлиги ҳәм Мамлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикаси басқармаларының сондай-ақ, Республика Аэреогеодезия орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тарепинен бир қанша иләжлар шөлкемлестирилди.

Нәўбеттеги «Zakovat» интеллектуал билим ринги Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикаси басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Билим рингте жаслар өзлериниң билим дарежеси ҳәм тажрийбелерине суйенген ҳалда беллесди. Солай етип билимданлар арасында «No Google» командасы 1-орын, «Alfa» командасы 2-орын, «Bercut» ком андасы болса 3-орынды ийеледи ҳәм жеңимпазларға Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.