Қарақалпақстандағы геодезия ҳәм картография тараўында жумыс ислеп атырған юридикалық шахсларға семинар өткерилди
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетниң усы жылдың 22-февралда «Арнаўлы электрон система арқалы рухсат бериў өзгешеликине ийе айырым ҳүжжетлерди бериў тәртиплери ҳаққындағы бирден-бир режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 86 -санлы қарары қабыл етилген еди.
Бул қарарды толық түсиндириў ушын Кадастр агентлигиниң Геодезия қадағалаўы басқармасы ҳәм Жойбарларды экспертизадан өткериў бөлими қәнигелери Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында геодезия ҳәм кортография тараўы жумысы менен шуғылланыўшы юридикалық шахсларға семинар өтти.
Семинар даўамында қәнигелер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 25-февра дағы «Искерликти баслаў ямаса тамамлаў ушын ўәкилликли органды хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы бирден-бир режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 88-санлы қарары, соның менен бирге 2020 -жыл 14-январдағы «Картография ҳәм геодезия материалларының шеклеўши грифларын белгилеў, пайдаланыў ушын ашық болған карталарды жаратыў, жасырын картография ҳәм геодезия материалларын бериў, есапқа алыў ҳәм сақлаў тәртиби ҳәм де геодезия ҳәм картография саласындағы мәмлекет сырларының сақланыўын тәмийинлеў бойынша рухсат бериў тәртиплери ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 22-санлы және де 2021-жыл 28-июндағы «Өзбекстан Республикасында геодезия ҳәм картография саласын жетилистириўге тийисли қосымша илажлар ҳаққында» 395-санлы қарарларында белгиленген баслы ўазыйпалар, геодезия ҳәм картография искерлигин әмелге асырыўға тийисли тийкарғы шәртлер ҳәм талаплар бойынша келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында исбилерменлерге түсиниклер берилди.
Семинар қатансыўышлары тәрепинен берилген сораўларға қәнигелер толық жуўап берди.