Kадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармаларының Баспасөз конференциясы болып өтти.
Онда Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябрьдеги «Мийўе-палыз жетистириў ҳәм жүзимгершиликте шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы өндирисинде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы 20-санлы сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 24-ноябрьдеги 709-санлы “Аўыл хожалығынан мөлшерлеген жер участкаларын ижәраға бериў тәртибине тийисли норматив-ҳуқықый ҳужжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарларыныӊ мазмун-әҳмийети түсиндирилип берилди.
Илажға Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары, «Уздавердойиҳа» МИЖИ Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм Электрон онлайн аукционды шөлкемлестириў орайы ўәкилинен тийисли қәнигелер қатнасты.
Конференцияда сөз болған мәселелер бойынша журналистлер сораўларына жуўаплар алды.