March 7, 2022

Қараөзек районында Пресс-Тур шөлкемлестирилди

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Мәмлекетлик Кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте Қараөзек районында Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасында Пресс-Тур шөлкемлестирилди.


Дәслеп мийманлар, Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы, ПХАЖ бөлиминиң көрсетип атырған хызметлер ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қараөзек районы филиалы жумысы менен жақыннан танысты.


Илажда ғалаба хабар қурралры ўәкиллери көшпес мүлк объектине кадастр паспортының таярланыў басқышлары менен танысты. Яғный, пуқараның мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы кадастр паспортына буйыртпа бериў басқышынан, оның өлшениў, улыўма объекттиң жайласыў сызылмасының сызылыўы ҳәм кадастр паспортының буйырпашының қолына келип түскенге шекемги процесс менен танысты.

Пресс-тур соңында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. онда откен 2021-жыл даўамында мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы тәрепинен физиклаық ҳәм юридиклаык шахсларға көрсетиген мәмлекетлик кадастр хызметлери ҳаққында сөз болды.
Онда атап өтлгендей, Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепнинен 2021-жылда жәми 51 248 көшпес мүлк обектлери ҳәм 1 658 ипотека шәртнамалары мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасында өткен жылда 26 140 аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын UzKad бағдарламасына киритлди ҳәм 24 221 жерден пайдаланыўшы мәмлекетлик дизимнен өткерилди ал 1 919 болса жерден пайдаланыўшы сыпатында дизимге алынды. 40 294 көшпес мүлк обектлерине кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилди.


Физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен θзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўханасы арқалы сондай-ақ тиккелей кадастр уйымларына жәми 1668 мүрәжат келип түскен болса соннан 1235 унамлы шешилген ҳәм 433 мүрәжат ҳуқықй түсиник ҳәм мәлаҳат бериў арқалы қанаатландырылды.


Соның менен бирге Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2021-жыл даўамында 1345 жағдайда жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм нызамсыз қурылмалар қурыў жағдайлары анықланғна болып, анықланған 1345 жағдайдың 1 345ине жазба көрсетпелер берилди, 1206 жағдайда 305,5 гектар жер майданындағы жағдайлар сапластырылды, 139 жағдайда 5,51 гектардағы жағдайлар сапластырылмады.
Судқа даўа киргизиў керек болған 145 5,67 гектар жағдайдан 138ине 5,34 гектар киргизилди, 3 0,03 гектар жағдайда ҳүжжетлер таярланбақта.


Даўа арза киргизилгенлерден 19 жағдайда, 0,36 гектар шешими шығарылды, (соннан алтаўы бузылды), 5 жағдайдағы 0,05 гектар суд тәрепинен бийкар етилген ҳәм 114ине 4,93 гектар суд процеси даўам етпекте.
Прокуратура шөлкемлерине қоспа тәртип тийкарында 21 жағдайда 0,9 гектар суўғарылатуғын жерлердеги нызамға қарсы аппаратлар бойынша материаллар өткерилди.

Және де Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2021-жыл даўамында жәми 3618 жағдайда 3 млрд 121 млн 188 мың сумммуғдарында жәриймалар қолланылды.