Семинар болып өтти
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте қоспа семинар шөлкемлеситирилди.
Онда Кадастр агентлиги қала ҳәм районлық бөлим баслықлары, Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигелери қатнасты.
Илаж атап өтилгендей, Президенттиң 2021-жыл 8-июнь күнги «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6243-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылы 21-февраль күни «Жер участкаларынан пайдаланыўда мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-138-санлы қарары қабыл етилди.
Бул қарарға тийкар Прокуратура органларына жер қатнасықларында нызамбузыўшылықтың алдын-алыў ҳәм қадағалаў бойынша көплеген ўазыйпалар жүкленди ҳәм жәми 64 штат бирлигинен ибарат болған «Жер ресурсларының талан-тараж қылыныўының алдын-алыў басқармасы» шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге бул қарарға тийкар Жер ҳаққындағы нызамбузыўшылық ҳалатларын анықлаў бойынша оператив-қыдырыў ислерин унемлилигин асырыў мақсетинде ИИМ Оператив-қыдырыў департаменти қурамынан 73 штат бирлигинен ибарат «Жер ресурсларының талан-тараж қылыныўына қарсы гүресиў бөлимлери» шөлкемлестирилди.
Жоқарыда атап өтилген қарарлар талапларын орынлаўда бирге ислесиўди тәмийинлеў мақсетинде усы жылы 25-март күни Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Мәмлекетлик Салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги тәрепинен 6-бап, 32-бәнттен ибарат «Жерлерден мақсетли пайдаланыў ҳәм мамлекетлик кадастрларын жүритиў тараўында нызамлылықты тәмийинлеў бойынша бирге ислесиў ҳаққында»ғы тәрьиби тастыйықланды.
Семинарда усы тәртипте белгиленген ўазыйпалардың ҳәмде тараўда биринши мәрте әмелиятқа киритилип атырған ИИМ менен бирге ислесиўде барлық районларда бирдей алып барыў ҳәм жумыс барысында гезлесип атырған басқада мәселелерди талқыланды.