ҮГХКда мийнетти қорғаў ҳәм санаат қәўипсизлиги бойынша таңлаў
Быйылғы жарыслар еки басқышта өткериледи. Биринши басқыш газ шығыўы менен байланыслы авария имитациясы менен айрықша жағдайларда ҳәрекетлениўдиң әмелий көнликпелерине бағышланған. Екинши басқыш интеллектуаллық жарыс болып, онда қатнасыўшылар мийнетти қорғаў, санаат қәўипсизлиги ҳәм айрықша жағдайларда ҳәрекет етиў талапларын билетуғынын көрсетиўи керек.
Бүгин таңлаўдың биринши басқышы болып өтти, онда Үстирт газ-химия комплексиниң сегиз өндирис цехының ўәкиллери қатнасты. Әмелий сынақлар Айрықша жағдайлар бөлиминиң оқыў-шынығыў майданында өткерилип, қәўипли газ ағып шығыўы нәтийжесинде жәбирленген шахстың жағдайы моделлестирилди.
Таңлаў тапсырмаларын орынлаў даўамында қатнасыўшылар айрықша жағдайларда исенимли ислеў көнликпелерин, жеке қорғаныў қуралларынан, қутқарыў әнжамларынан дурыс пайдаланыўды, сондай-ақ, биринши медициналық жәрдем көрсетиў бойынша жоқары дәрежедеги таярлықты көрсетти.
Әмелий басқыш нәтийжелерине муўапық, бес команда ертең Үстирт газ-химия комплексиниң ҳәкимшилик-турмыслық имаратында болып өтетуғын таңлаўдың финал бөлимине жол алды. Бул жерде қатнасыўшылар интеллектуаллық сынақлардан өтиўи және мийнетти қорғаў ҳәм санаат қәўипсизлиги бойынша ең жақсы жәмәәт атағы ушын гүресиўи керек болады.