Муратбай Нызанов - Ядыма тусти. ( Гүрриң)
— Баслық шеп жағынан турған ба?! — деп бөлим баслық кабинетке тоңқылдаўы менен кирип келди.
— Ҳе, аманлық па? — деди орынбасары.
— Ҳаў… Азан менен өзи қатнасатуғын жыйналысқа мени жиберип… Дүньяның бақырысын еситип қара түтиним шығып кия-тырсам, хаткер қыз алдымнан шығып тур. «Келип-кетсин деп атыр» — деди. Кирдим. Жыйналыстың жуўмағын сорайтуғын шығар де-сем, яқ, «дүньяға белгили бес алымның атын айтып бер» деди. Бес алым тилимниң ушында тур ма?! Иркилип қалдым.
— Ҳе, билмейсең бе? — деди шекшийип.
— Билемен-ғо, — дедим гибиртиклеп.
— Билсең, айт!
— Ибн Сина, Аль Хорезмий, Аль Ферғаний, Аль Беруний, Ма-трудий…
— Дүньяға белгили алымлардан айт деп атырман!
— Дүньяға белгили-ғо булар-әм.
— Булар шығыс илимпазлары… Яқшы, барабер, — деди қабағы ашылмай. — Адам деген дүньялық илимнен хабардар болып жүриў керек. Зиялы адамсаң!
Бөлим баслық тоңқылдап жүрип орнына отырып атыр еди, хат-кер қыз келип орынбасарын шақырып кетти.
— Мен айтқан алымларды тәкирарлап жүрме! — деп изинен да-ўыслады бөлим баслық.
Орынбасардың барыўынан қайтыўы тез болды.
— Қалай, кеўлиндегини таптың ба? –деди бөлим баслық.
— Яға-аў! Ломоносов, Менделеев деп баслап киятыр едим, шық деп жиберди.
Гәп усы жерде кесилди. Шабарман маған келди. Барғанша қысқа ғана ойлап үлгердим. Демек, баслыққа ески грек ямаса немец алымларының аты керек.
Маған да сол саўал тәкирарланды.
— Аристотель, Платон, Герцень, Эйнштейн, Нобель… Баслық ручкасын тықылдатты. Бул «қоя ғо» дегени.
— Ҳеш қайсысыңыз илимге қызықпайсыз-ә! — деди кейин өкпели пишинде. — Мейли, барабер. Маған екинши бөлимдеги Шыныбайды шақырып жибер.
Үндемей, мойным салбырап есикке бетледим.
— Аға, кеширерсиз, тағы бир алымның аты ядыма түсти, — де-дим босағаға барып.
— Ким?
— Ньютон.
— Ким-ким? — Баслық столға өңменлеңкиреп алға умтылды.
— Ким дедиң?
— Ньютон. Басына алма түсип тартылыс нызамын ашқан алым.
— Хош-хош, аты ким соның?
— Исаак! Исаак Ньютон!
— Атаңа рахмет! Мен ана гөрсаўатларға усы илимпаздың атын айттыра алмай қара тер болдым-ғо! Барабер, рахмет саған!
Бес алымның атын дурыс таба алмағаныма қатты қорқып қал-ған екенмен. Сыртқа шығыўдан босасып, қапыға сүйенип турып қалдым.
Баслық кимгедур ентигип қоңыраў етти.
— Ҳаял! Ядыма түсти. Тап ҳәзир еследим. Исақтың тойы екен ғо түни менен атын таба алмай атырғанымыз. Айттым-аў, қандай да бир илимпаздың атына уқсас деп… Кийинип таярланып отыр, ярым саатлардан бараман.