Пейил қандай кең еди! Болды бәри баршылық. Ҳеш ким ҳеш зат демеди, Сезилмеди таршылық.
Тилиме ырзаман өзимниң, Сол себеп өмирди сезиндим. Мен оннан айрылып қалмаспан, Тирилей гезинде көзимниң.
Жүзимде шаңлары узақ жоллардың, Көзимде сағынышы айра таңлардың, Гүўилдисин тыңлаўға қара таллардың, Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!
Адамлар бар, қыйғың келер жаныңды Адамлар бар, қыйғың келмес наныңды. Бириншиси-бул дүньяның нәпеси Екиншиси-бул дүньяның қәпеси.
Ҳақыйқатлық алмас қылыш ол, Өз қынында жатпас тыныш ол. Жалғанлардан пәклик сарайын, Қорғап турған аппақ қуўыш ол.
Күтип алды қонақты, Гүлдәсте берип қолына, Узатып қалды қонақты, Жақсылық тилеп жолына.
Қозғалмай жатыр гүбелек, Шамды сүйип келипти. Бийшараға не ҳәлек, Ашығынан өлипти.
Жипек самал желпир сениң деминдей, Булт гүркирер ашыўыңдай, кегиндей. Булақты да салыстырып күлкиңе, Сыңқылдысын байқап турман еринбей.
Ǵam juttim qarshaday basimnan Kún kórdim jarqirap ashilǵan. Órletti ómirdiń epkini, Jasimda kórdim kóp tepkini. Temirge polattay shidadim Shadlandim , quwandim, jiladim. Bul jahan keń eken, tar eken, Ishinde bári de bar eken. Jiǵilsam túrgeldim taǵi da, Baǵindim dúnyaniń zańina.