September 24, 2023

АДАМЛАР БАР

Адамлар бар, қыйғың келер жаныңды
Адамлар бар, қыйғың келмес наныңды.
Бириншиси-бул дүньяның нәпеси
Екиншиси-бул дүньяның қәпеси.

Адамлар бар, күлим қаққан хош қылық
Адамлар бар, жасатады өш кылып.
Бириншиси-бул дүньяның сүйеўи
Екиншиси-бул дүньяның шүйели.

Адамлар бар, қуўаныштан жылайсан
Адамлар бар, жүрген жери ылайсан.
Бириншиси-бул дүньяның шырайы
Екиншиси-бул дүньяның ылайы.

Адамлар бар, баҳа таўып бергисиз
Адамлар бар, көзин қайта көргисиз.
Бириншиси-бул дүньяға салтанат
Екиншиси-бул дүньяға жарғанат.

Адамлар бар, қуштар етер өмирге
Адамлар бар, асықтырар өлимге.
Бириншиси-бул дүньяға муҳаббат
Екиншиси-бул дүньяға гүлли апат.

Адамлар бар, көзге түсер алыстан
Адамлар бар, ата менен алысқан.
Бириншиси-бул дүньяның таўы ғой
Екиншиси-бул дүньяның жаўы ғой.

Адамлар бар, дуўа оқыйсан ҳаққына
Адамлар бар, түн әкелер жақтыға.
Бириншиси...екиншиси... баршылық
Бул дүньяда болған емес таршылық.

@Kitap_me - onlayn kitapxana.