August 10, 2023

ИЗЛЕМЕСКЕ БОЛАР МА?

Бир кекилик алдырса көрпе* баласын,
Сайрай-сайрай излемеске болар ма?
Бир бүлбил жоғалтса қызыл лаласын,
Ҳәсиретинен сөзлемеске болар ма?

Зүрйады жанынан кетсе ешектиң,
Телмирип төрт таман, излер гүрресин,
Ақмайадан жырақ кетсе көшеги*,
Баўыры ерип, бозламасқа болар ма?

Шөлде жәйран жойтып алса ылағын,
Бала сестин тыңлап, салар қулағын,
Төге-төге көзде жастың булағын,
Маңырай-маңырай излемеске болар ма?

Майыптың қолынан алсаң балдағын,
Жаман дәртке түсер, таппас илажын,
Жыртқыш аңға дуўшар болған мегежин,
Ол торайын излемеске болар ма?

Айралыққа адам уғлы нәйлесин?!
Ким қалар көрмеген әжел ҳийлесин, Мақтумқулы, ҳайўан жойтса баласын,
Инсан зары көкти тутпас болар ма?

1 Көрпе – жас, нәресте.
2 Көшек – түйениң боталағы.

@Kitap_me - onlayn kitapxana.