Муратбай Нызанов - Адам қалай қартаяды?(Гүрриң)
Сизиңше, адам қалай қартаяды? Жасы улғаяды, тәни тозады, солай ма? Яқ, оннан емес. Пүткиллей басқаша! Билсеңиз, адамды адам қартайтады.
— Сейтекти жақын арада көрдиң бе? — деди Мустафа бир мере-кеде ушырасып қалғанда.
— Яқ, — дедим мен.
— Бир барып көриўиң керек. Бийшара, дым қартайыпты.
— Қалай? Үшеўмиз институтта бирге оқыдық. Сениң менен биз диңкилдеп жүрмиз ғо.
— Ол армиядан келип кирди ғо оқыўға! Соның ушын оны «старость» етип сайлады.
— Сондағы еки жас па? Онда бизлер-әм еки жылдан кейин… — Аржағын айтыўға тилим бармады.
— Билмедим, — деди ол басын шайқап. — Бийтаплығы бар ма, қулласы, көрип қалғаның мақул.
Мустафаның мына айтыўынан Сейтек көпке бармайтуғын қусаған. Бес жыл бир тислем нанды бөлисип жеп едик, кейинге қаратыўға ҳүжданым шыдамады. Таң ата жолға түстим.
Айтқанында жан бар екен, Мустафаның. Сейтек маған көзи түсиўден орнынан турмақшы болып еди, Айша дизесинен басып қайта отырғызды.
— Жығылып қаларсаң, отыр.
Мен барып, диз бүгип сәлемлестим. Қушағын ашқан менен турыўға шамасы болмады.
— А-ал, Сейтек жора, бул не аўҳал? — дедим ҳал-аўҳал сорасып, бир-бир шәйнек шай ишип алғаннан кейин.
— Аўырып қалдың ба?
— Қудайға шүкир, тәни-жаным саў, — деди ол «диңкем бар» де-гендей, даўысына күш берип.
— Онда неге, шай ишсең кесең қалтырайды? Я мәскүнем болып қалдың ба?
— Ол көшеден жүргенди қойғаным қашшан!
Мен буннан артық не саўал береримди билмей, сораўлы мәнисте жүзине тигилдим.
Ол нуры қашып баратырған көзлерин меннен алып қашыўға урынды. — Әп-әнедей, диңкилдеп жүрген-ақ адам едим, — деди әллен ўақта гәп баслап. — Мени адамлар қуртты. Мына, кемпир де солар-дың сойынан.
— Әне, бул кисиге асылады, — деп жүзин терис бурды ҳаялы.
— Ырас тә! — Сейтек азымаз дем алып әңгимесин баслады.
— Өзиң билесең, жас минген сайын көзден уйқы қашады. Азанда кемпирден бир саат, баллардан еки саат бурын оянаман. Ҳәмме дастурханға жәм болғанша қол қаўсырып отыраман ба? Мал-ҳәлге қарайман, егин-тегинге айланысаман. Бир күни азанда қаўын кет-пенлеп атыр едим:
— Сейтек! — деген даўыстан жалт қарадым. Турсынбай деген аталас инимиз екен, шелдиң басында тур. Кетпенге сүйенгенше изиме бурылдым.
— Буяққа кел! — деди ол.
— Аманлық па?
— Келебер!
Бардым.
— Сенде кемпир бар ма?! — деди сәлемге қолын созып. Лекин, мениң сәлемди алған-алмағаным менен иси болмады.
— Бар, — дедим ҳайран болып.
— Баллар бар ма?
— Бар.
— Келинлер бар ма?
— Бар.
— Қызлар бар ма?!
— Турсынбай иним, не болып қалды, бунша тергестирип қал-дың?
— Аға-а, жасың пайғамбар жасынан өтти, дүньяның түбине же-тесең бе?
— Мына қаўынлар жолдан қалып атырғаннан кейин...
— Әй, пәлегине нәлет қаўынның! Усы ўақытқа дейин иследиң ғо, қара мийнетти!
Ол усыны айтты да, үлкен бир жумыс питкергендей, жеделленип жолына түсти. Мен аңырайып қала бердим. Изинен қарап турман.
Алды-артына қарамайды. Ол узақласқан сайын жаңағы гәп батайын деди. «Кетпенниң сабына от түссин» дедим де, келип жатып алдым.
Сол-сол екен, қаўын кетпенсиз қалды, малдың асты тазаланбады, ешекке ўақтында от салынбады. Дәтим шыдамай қыялланып тураманда, Турсынбай қусап, тағы биреў ҳәр гәпин кетпендей қылып айтып салар деп, өзимди иркемен. Баллар, келинлер жумыста, кемпир бала-бағыўдан босамайды.
Бир күни аўылда садақа болды. Пысқырып турған сүр ешегим бар еди, көрдиң ғо, талай. Зәрдтең-зәбертден ертлеп, минип алдым да жетип бардым. Барсам үйдиң алдындағы скамейкада Пиримбет, Гүлман, Шербайлар отыр екен. Сен оларды танымайсаң.
— Сенде бала бар ма? — деди Пиримбет.
— Қуданың берген баллары баршылық, — дедим қабақ шытып.
— Бир балаңда «Нексия», бир балаңда «Ласетти», сеники не жүрис? Усы заманда ешек минип жүрген адам бар ма?
— Неси бар? Өзим менен өзим!
— Әй, қой-ә!
— Оннанша, баллар айтқанымды тыңламайды десеш!
— Балтырына от түссин ондай баллардың!
— Сейтек әдептен балларды еркелетип жаман үйреткен.
Қулласы, сол күни қайтаман дегенше «балларды дурыс тәрбияла-маған, қартайғанша жанның рәҳәтин билмейтуғын, жансебил» мен болдым.
Аўылда Өтебай деген бир жасы үлкен бар еди, ешек арба излеп жүрген. Ертеңине ешекти соған апарып бердим, «арбасын өзиң таўып аларсаң» деп. Ешекке от салыў, арқанлап келиў, суўғарып байлаў маған үлкен ермек еди, буннан да қутылдым.
Және бир күни кеште, турмысқа шығып кеткен қызым қыдырып келип еди. Түйетаўық сойып, жүўери гүртик писирттим. Аўқат енди писти-аў дегенде орнымнан турып атыр едим:
— Аға, қаяққа? — деди қыдырып келген қызым.
— Қолымды жуўып қайтаман.
— Сенде келин бар емес пе?
— Ҳаў.. Суў биймәлел ағып тур. Келинниң ўақтын алып… — Әнекей! Әкең қартайып, алжыды, — деди мына кемпир. — Сөйтип жорғалай берсең келин сыйлай ма сени!
Илажсыз қайтып отырдым. Келин қолыма суў алды, табақ бердим, келин және суў қуйды. Бул енди өзимиздиң дәстүр ғо. Лекин, үйдиң иши болса да былай-былай жүргенде аяғымның тамырлары жазылатуғын еди, қаным бойыма тарайтуғын еди, қалды бәри.
Кемпир намаз оқып атыр еди, — тағы бирде, ақлық оянып жылай баслады. Турдым да қолыма алдым. Ҳәўлетип жоқары көтермекши болдым.
— Жығасаң! Жығып аласаң! — деди кемпир жайнамазын урман-пурман жыйнап.
Қолымнан баланы алды.
— Өзиңниң орныңды бил! — деди кейин ақыл үйретип. — Бала жубатып сен бир қатынбысаң!
Кем-кем аяқ-қолым уйысатуғын болды. Есикке барып келсем ентигемен. «Қой, бул болмас, дедим өзиме-өзим. Азанлы-кеш бир шақырым — еки шақырым жүрип қайтайын».
Сөйтип, арба жол менен азанда қолымды артыма салып баратыр-сам, Артықбай шықты алдымнан.
— Ҳә, Сейтек аға, қаяққа?
— Әй, бир заман аяқ жазайын дедим.
— Жуўырсеш! — деп күлип кетти үстимнен.
Он-онбес адым жүрип едим, Сәтбай дүкәншы тусымнан өтти.
— Жайша ма, Сейтек аға, — деди ол да.
— Бир заман аяқ жазайын деп.
— Жүзге шығарсаң жүдә!
Қулласы, мен не ислесем ерси бола берди. Ақыры, ҳәммесин қойдым. Қаўын кетпенлемеймен, маллардың астын тазаламайман, суўғаратуғын ешек жоқ. Той-садақаға машинада барып қайтаман.
Үйде болса ҳәжетке шығыўдан басқасына қыймылдамайман. Мине, ақыбети. Қыймылдасам буўынларым сықырлайды. Он адым атсам өкпем қысады. Қолым, толы кесаны көтере алмайды. Жасым жет-пей, тәним тозды. Мени қартайтқан аўырыў емес, адамлар. Соның ишинде мына кемпир-әм бар.
— Өзиңди қолға ал, еле де кеш емес! — деп мен орнымнан тур-дым.
— Қойып тур, есикке дейин шығарып салайын, — деп қалтырақ-лап турып киятыр еди, кемпири шалғайынан басты.
— Отыр ғарры, жығылып қаласаң! Баяғы көкирекке сала берме!
Сейтектиң орнына кемпири дәрўазаға дейин шығарып салды.
Бес-алты адым жүргеннен кейин оның гүңкилдисин қулағым шал-ды.
— Журттың кисилери диңкилдеп-ақ жүр, бизиң сорқайнаған күннен-күнге түйектен шыққан өгиздей, басын көтере алмайды.