September 24, 2023

ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ

Ҳақыйқатлық алмас қылыш ол,
Өз қынында жатпас тыныш ол.
Жалғанлардан пәклик сарайын,
Қорғап турған аппақ қуўыш ол.

Ҳақыйқатлық болмас мазалы,
Қай жерде де болар жазалы.
Жалғанлықлар қулатыў ушын
Жолларына орлар қазады.

Ҳақыйқатлық аршыл болады,
Жақсы затқа жаршыл болады.
Сапарларда тулпарларыңа да,
Өзиңе де қамшы болады.

Бүгип қалсаң ишиңде оны,
Жақсылыққа апармас соңы.
Ҳақыйқаттан жүзиңди бурма,
Тикенекли болса да жолы.

Шынлық пенен жасайды заман,
Шынлық пенен даңқ келер саған.
Бул дүньяда барман демесин,
Ҳақыйқатшыл болмаған адам.

Мейли, шайыр, журналистписен,
Достым, мениң гәпиме исен:
Шынлық пенен ашырқап жаса,
Жалған менен толғанша кисең….

@Kitap_me - onlayn kitapxana.