September 19, 2023
Мақтаў.
Күтип алды қонақты,
Гүлдәсте берип қолына,
Узатып қалды қонақты,
Жақсылық тилеп жолына.
Көзинше қанша мақтады,
"Айрықша туўған дана" деп,
Кеткеннен кейин жақпады,
"Ақмақлығын қара" деп.
Берип түрли тамақты,
Сыйлаўдан әрман қалған жоқ,
Кеткен соң сөкти қонақты,
Жақсы атақ алған жоқ.
Ҳәмелиң барда мақталып,
Күншиллик жағы тағы бар,
Бәрин де билер ҳақ ҳалық,
Қуласаң жала жабылар.