СӨЗ МӘНИСИН БИЛМЕГЕНШЕ .
Ақыл сөзге күлер надан,
Сөз мәнисин билмегенше.
Таў басында турар думан,
Хазардан жел келмегенше.
Ақылы болған шарап ишпес,
Жақсы елден адам көшпес.
Ҳәрре ғаўлап изге түспес,
Уясына тиймегенше.
Алым ақыл сөзин сөйлер,
Нәмәрт мудам пайда гөзлер,
Шөлге шығып түйе бозлар,
Өз көшегин көрмегенше.
Бәлент таўдың қары кетпес,
Нәмәрт елге хызмет етпес.
Ер жигиттиң кеўли питпес,
Өз сүйгенин алмағанша.
Таўларда туйғын қус түлер,
Адам қадирин адам билер.
Ер жигитке кемлик келер,
Мәртке жолдас болмағанша.
Өмир салы ылайға батар,
Күнбе-күннен дәрти артар.
Арлы жигит гийне тутар,
Ар-намысын алмағанша.
Гөззалға ел қарыйдардур,
Жамалын көрген бийдардур.
Жигит кеўли бийқарардур,
Яр қойнына кирмегенше.
Бул дүньяға кеўил толмас,
Пәлек бизге ҳәмире болмас.
Жас баланың қадири болмас,
Бир дем ойнап күлмегенше.
Сүйлин ушып, таўшан шабар,
Қуўғаннан буйырған алар,
Аңшы-саят себил болар,
Та жығылып қалмағанша.
Атым түсти елден елге,
Налыш етермен тилден тилге,
Мақтымқулы, кеўил -гүл ди,
Хазан урып солмағанша.