September 2, 2023

ЖАҚСЫ.

Шадықоррам шағлап жүрген күниңде  
Барыспаға, келиспеге жат жақсы.  
Басыңа ис түскен ғамлы күниңде
Ағайин туўысқан-туўған зат жақсы. 


Ҳадал исле, бил өзиңниң ҳалыңды,  
Пақырды ынжылтып, етпе жәбирди.  
Иске салып азлы-кемли пәмиңди,  
Ақыл болсаң сөзге қулақ тут жақсы. 


Жүрек таянышы перзент-зүряты,  
Сүйген яр кеўилдиң илҳам, қуўаты.  
Жигиттиң дүньяда үшдур мураты:  
Бир яр керек, жарақ керек, ат жақсы. 


Моллалар сөйлесе қапылтар бәрин,  
Үстиңе түсирип ақыр заманын.  
Кимлер билген ақыретте не барын?  
Ишип-жеп ҳәм минип, қушып өт жақсы, 


Мәпленбесе киси сөзден, үгиттен,  
Парқы жоқдур қуры ағаш сөкиттен.  
Дос-ярансыз, зейини жоқ жигиттен  
Ийесине опадарлы ийт жақсы. 

Мақтымқулы, достан сырын гизнеме,  
Бийопалы нәмәҳремди гөзлеме.  
Ел ишинде ерси сөзди сөзлеме,  
Сөйлер болсаң, сөз ҳаслына жет жақсы.

@Kitap_me - Onlayn kitapxana.