September 24, 2023

Ана тилиме

Тилиме ырзаман өзимниң,
Сол себеп өмирди сезиндим.
Мен оннан айрылып қалмаспан,
Тирилей гезинде көзимниң.

Бул халқым майда ма, ири ме?
Ана тил керек ғой тириде.
Ҳәммесин бағышлап кетермен,
Ана деп айттырған тилиме.

Миллетке тийдирмең бир ушын,
Досларым, тил керек тири ушын.
Өзимди қурбанлық етермен,
Ата деп айттырған тил ушын.

Ана тил-әрманым аңсаған,
Ләззети дәрьядай мол сағам.
Усы тил болмаса, қалайша
Перзентим дер едим мен саған…

@Kitap_me - onlayn kitapxana