September 24, 2023

Мен уштым асығып...

Жүзимде шаңлары узақ жоллардың,
Көзимде сағынышы айра таңлардың,
Гүўилдисин тыңлаўға қара таллардың,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Маған қанат байлап әжеп жайлары,
Сыңғырлап суў аққан жалға-сайлары,
Атландырып жаслығымның майданы,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Қанша узақ кетсем сеннен жыраққа,
Шерли қосықларың жетер қулаққа.
Әрмансыз аўнаўға ана-топыраққа,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Шертиўди сағындым Бердақ дуўтарын,
Шапсам Әжинияздың қосық тулпарын,
Көрип шарықлаған Аббаз суңқарын,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Бәҳәриң излесе жылдың қуслары,
Оларға парқсыздур жол алыслары...
Көкирекке сыймас ел толғаныслары,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Гул былғап шақырар мухаббат бағым,
Маўқымды баса алмас жазған хатларым,
Еситтирмең айралықтың атларын,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

@Kitap_me - onlayn kitapxana.