Мүратбай Нызанов - Пәнт бергеннен болма.
Қалаға көптен берли көшпели китап дүкан келген жоқ еди. Бир сәтли екшемби күни базардың дәрўазасынан кире берген жерде еки стол қойып, оған муқабасы көздиң жаўын алатуғын шырайлы китаплар жайылды. Дәрўазадан өткен адам бир үңилмей өтпес еди. Жайма дүкан дөгереги бир заманда үймелескен адамға толды да қалды.
— Бүйерде не сатып атыр-әй? — деди бир жас бала адамлардан асырылып мойнын созып.
— Китап, — деди кимдүр.
— Ҳе, жақсы болды-ғо, китап бар жерге адамлар көп келеди. — Соң ол китап сатып отырған жигитке жүзленди. — Қасыңда отырып лоторея сатсам бола ма?
Китап сатыўшы жигит «лотореяңды қаяққа қоясаң?» дегендей сораўлы пишинде қарады.
— Өзимниң жыйналмалы стол-тубиретким бар, минекей… — деди бала.
Китап сатыўшы келисим берди.
Бала ҳәп заматта лотореяны столдың үстине жайып таслады.
— Келиң қәне, кимге машын керек, кимге холодильник..?
Китап жаймасына үймелескен адамлардың тобы әсте сийрексий баслады.
Лекин, орнын жаңа адамлар толтырды. Олар ҳәр түрли китаплар-ды қолларына алып көрип, ярым бет — бир бетке шекем оқып, кейин қайтып орнына қояр, соң лоторея сатқан баланың алдына барып, әсте-әсте кисесине қол апарғанын билмей қалар еди.
Бул аўҳал түске дейин даўам етти. Әдеп китап жаймасына, соң лотореяға… Түс аўа адамлардың изи сейиле баслады. Дәрўазадан кирип ке-лиўшилер емес, шығып баратырғанлар көбейди.
— Мен, қайтаман, — деди бир ўақта лотореяшы бала столын жыйнастырып.
— Ҳе?
— Сатып болдым.
— Қанша болды?
— Үш миллионға сәл жетпеди. Өзиң ше?
— Үш жүз мыңға сәл жетпеди, — деди китап сатыўшы сынық ҳаўазда.
Лотореяшы бала мыйықтан күлип, деди:
— Ата-баба айтқан-ғо, «пәнт бергеннен болма, пәнт жегеннен бол» деп.
Сол нақылға садық адамлардың бәри меннен саўда иследи.