September 24, 2023

БАЛАЛЫҚТЫ АҢСАЎ

Пейил қандай кең еди!
Болды бәри баршылық.
Ҳеш ким ҳеш зат демеди,
Сезилмеди таршылық.

Болмады ҳеш жалыныш,
Сынап-минеп, ҳал салыў.
Енди бәри - сағыныш,
Енди бәри – тамсаныў.

Еркин еди шабыспа,
Шаршаў да жоқ жолдағы.
Болмады аяқ шалыспа,
Адасыў да болмады.

Ықты бизди дарға алып,
Ескексиз я желқомсыз.
Кеўил деген дәрьялық
Ағып турды селтеңсиз.

Гә лаўладық жалындай,
Түспеди ҳеш ким үскини,
Енди бәри сағымдай,
Енди бәри түс киби.

Гейде ақыл қонбады,
Жөн айтқанды қас уқтық.
Әрманымыз сондағы:
Үлкейсек деп асықтық.

Шынлық пенен жалғаны
Өмирден дәм татады.
Балалықтың қалғаны-
«Барса келмес» атаўы.

Болмап еди аўдаңлаў,
Болған емес бузылыў.
Енди бәри - әрманлаў,
Енди бәри – қызығыў.

Болған менен жол тәўир,
Еттик талай салақлық.
Енди бизге ол дәўир
Болып қалды сабақлық.

Ашамыз да бир бетин,
Шыжбайлаймыз тахтаны.
Тыңламаса перзентиң,
Өзимизге тартқаны.

1986-ж.

@Kitap_me - onlayn kitapxana.