August 9, 2023

Муратбай Нызанов -Сыбай Салтаң. (Гүрриң)

— Таксиди нешеге шақырсам екен? — дедим ҳаялға.
— Ярым саат бурын шақыра бер.
— Неге? Вокзал ийегимиздиң астында-ғо.
— Сонда да… Бурыннан әдетиң, бар ғо, бир нәрсең умыт қалып жолдан қайтатуғын.
— Тап усы сапары сениң қастыңа ҳеш нәрсени умыт қалдыр-майман.
Ҳаялдың илме-қармақ гәпинде де жан бар. Ҳәрдайым дем алысқа кетсем, бир затым умыт қалып жолдан қайтаман да, я барған соң есиме түсип, биреўден берип жибериўин айтып қоңыраў етемен. Лекин, усы рет жүдә пуқталық еттим. Ақыры «соқыр-әм ҳасасын бир мәрте жойтады» деген-ғо. Мен неше мәрте «жойттым»? Жолға шықпасымнан үш күн бурын ҳәмме затларымды түўеллеп, өзим жататуғын диванның үстине бир-бирине тийгизбей дизип қойдым.
Өзим жерде жаттым. Шала болмаўы ушын ҳәр күни уйқыға кетерден алдын бирме-бир түўеллеп турдым — шалбар-бар, көйлек бар, көз- әйнек-бар, сақал алғыш-бар, қулласы, ҳәммеси тақ туйнақтай.
Ертең жүремен деген күни кеўлиме және алағадалық түсти.
Жазып қойыўым керек! Аўызша есаптан адам ғабырысыўы мүмкин.
Компьютерде ярым саат отырып, әкететуғын затларымды хатқа түсирдим. Дизимди еки-үш мәрте оқып көрдим. Әбден ядта қалыў ушын даўысымды шығарып та бир-еки мәрте оқыдым. Соң ҳаялды шақырдым.
— Мен дизимди оқыйман, сен бирме-бир түўеллеп сумкаға са-лып турасаң.
Ҳаял сумканы ашты.
— Шалбар?
— Бар.
— Көйлек?
— Бар.
— Көзәйнек?
— Бар.
— Сақал алғыш?
— Бар.
— Носки?
— Бар.
Қулласы, дизимдеги заттың ҳәммеси түўелленди. Енди арқайын уйқыласам болады.
Ертеңине такси айтылған ўақытта есиктиң аўзына келип қоңыраў етти.
Сумканы қолыма алып турып, және кеўлиме гүптикей келди.
«Жары жолда және бир нәрсе есиме түсип, жолдан қайтып жүргенше тағы бир мәрте түўеллеп көрейин» Сумканы еки мушынан услап жерге аўдардым.
— Ҳе, тағы не таптың? — деди ҳаял ҳаўлығып.
— Сениң түўел салғаныңа исенбей турман. Енди сен дизимди оқып тур, өзим түўеллеймен.
Ол оқып турды, мен сумкаға салып турдым.
— Шалбар?
— Бар.
— Көйлек?
— Бар.
— Көзәйнек?
— Бар.
— Сақал алғыш?
— Бар.
Дизимдеги заттың ҳәммеси түўел болып шықты. Сумканың замогин жаўып, еки жеринен скотчладым. Қәне, енди ким мени умытшақ деп гиналар екен?
Вокзалға жетип келгенимде поездың жүрип кетиўине үш минут қалған екен. Проводник мени өкшелетип вагонның есигин жапты.
Өзиме тийисли купени таўып алдым. Жоқарыдағы еки орынлықта еки жас жигит, төменде — мениң қарама қарсымда өзим теңлес бир киси бар екен.
Поезд кетти — тақ-туқ-тық, тақ-туқ-тық… Ушы қыйыры жоқ қумлықтың арасынан төрт сааттай жол жүрдик.
— Паспортларыңызды, билетлериңди таярлап отырың, — деп ескертип өтти проводник.
Еки жигит секкирип-секкирип түсип, сумкаларынан билетлерин алды. Қарсы алдымдағы кисиниң паспорт ҳәм билетлери қалтасында екен. Шығарып столдың үстине қойды. Мениң бир әдетим — қал-тама ҳүжжет салып жүргенди жаман көремен. Қандай ҳүжжет бол-сын, сумканың ишки қалтасына саламан.
Журт қатары мен де билетимди таярлап отырыў ушын қапта-лымнан сумкамды қармаладым. Қолыма ҳеш теңе тиймеди. Соң бу-рылып қарадым.
— Мениң мына жерде сумкам бар еди-ғо, — дедим қасымда-ғыларға.
— Аға, сиз сумка әкелмедиңиз, — деди жоқарыда жатырған еки жигит теңине.
— Яғәй?!
— Аўа, келгенде сыбай-салтаң едиңиз, — деди қасымдағы киси де.
Билдим, сумкамды поездға алып шықпаппан.
Лекин, мен-әм жүдә еси кеткен умытшақ емеспен. Сумканың қәйерде қалғанын анық билемен — я үйде қалды да, я таксиде…

07.11.2016-ж.

@Kitap_me - onlayn kitapxana.