January 22, 2021

Инсан өзгерсе, жәмийет өзгереди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси 7-«Темир жол» сайлаў округине ӨзМТДПдан сайланған депутат О.Бекбергенов өз аймағында сайлаўшылар менен өткерилген ушырасыўда пуқаралардың медициналық көрикке мүтәжлиги ҳәм айырым ҳаял-қызлардағы руўхый түскинликте екенлиги сияқлы машқалалар анықланған еди.


19-20-январь күнлери Медициналық көрикке мүтәж ҳаял-қызларды бийпул Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында тереңлестирилген медициналық көриктен өткерилди.

22-январь күни ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңеси усынысы Нөкис қаласы "Боз аўыл" мәкан пуқаралар жыйыны басламасы менен Республикалық ҳаял-қызлардың реабилитация орайы психологы, ис-тәжирийбесине ийе болған РОЗА АМАНОВА НАДИРБАЕВНА менен "Инсан өзгерсе, жәмийет өзгереди" атамасында Нөкис қаласы "Боз аўыл" МПЖ ҳаял-қызлары менен сәўбетлесиў кешеси өткерилди.
Сәўбетлесиў даўамында ҳәр бир ҳаял-қыз өзин ҳәм өмирди сүйиўге, жаңа мотивация ҳәм жеке раўажланыў бойынша күш ҳәм йош алды. Сәўбетлесиўден кеўли толған қатнасыўшылар Роза Аманова ҳәм шөлкемлестириўшилерге шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық кеңеси