December 5, 2020

КОНСТИТУЦИЯ – ТИЙКАРҒЫ НЫЗАМ

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “Конституция ¬– тийкарғы нызам” атамасында Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығына бағышланған мәдений-ағартыўшылық илажы болып өтти.
Илажда Өзбекстан ХДП Нөкис қалалық Кеңеси, Нөкис қаласы Әдиллик бөлими, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары, Нөкис қаласы Халық билимлендириў бөлими ўәкиллери, 20-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң педагог-оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажды Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы, 20-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры Диляра Маткаримова кирис сөзи менен ашып берди. Соның менен бирге, Өзбекстан ХДП Нөкис қалалық Кеңеси баслығы Нурлан Кышанов, Нөкис қаласы Әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси Зебо Базарбаева, Нөкис қаласы Халық билимлендириў бөлими ўәкиллери шығып сөйлеп, оқыўшыларды нызамларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, өсип киятырған жас әўладтың жетик инсан болып жетилисиўине, сол арқалы Конституция ҳәм оның тийкарында қабыл етилген нызамлардың мазмун-мәниси ҳуқықый билимлерин буннан былай да арттырыўына, ҳуқықый сана ҳәм мәдениятының раўажланыўына хызмет етиўи менен де әҳмийети туўралы айтып өтти.
Илаж талантлы мектеп оқыўшыларының атқарыўындағы қосықлар ҳәм аяқ ойынлары және сахналық көрнислери менен даўам етти. Илаж соңында мектептиң белсенди оқытыўшы ҳәм оқыўшылары арнаўлы ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.