April 5, 2021

Қайырқомлық илажлары даўам еттирилмекте


       Халқымызда бир-биреўге қайырқомлық ҳәм ғамхорлық ислеў әзелий миллий қәдирият есапланады.
     Нөкис қаласы аймағында «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде есапта туратуғын шаңарақлардың ағзалары ҳәр тәреплеме социаллық жақтан қоллап-қуўатланып келинбекте.
   Усындай ийгиликли ислерге Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Я.Абдуллаева өзи сайланған қаламыздағы «Шымбай шайхана» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы төрт шаңарақтың перзентлериниң сүннет тойларын өткериўди баслама менен шығып, қала ҳәкимлигине усыныс еткен еди.
     Оның усынысы Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен мақулланып, қаладағы қолы ашық сақый исбилерменлер менен биргеликте балалардың сүннет тойы салтанатлы жағдайда пайызлы орынлардың биринде өткерилди.
  -Усы  «Шымбай шайхана» МПЖ аймағында жасаўшы шаңарақлардың жасаў жағдайларын үйренгенимизде «Темир дәптер»де есапта туратуғын пуқаралар арасынан 4 шаңарақтың перзентлериниң сүннет тойларын өткериў бойынша мүрәжатлары билдирилген еди. Бул мәселе бойынша усынысымызды қала ҳәкимлиги басшылары қоллап-қуўатлады ҳәм усы илажды өткериўге басшылық етти,-дейди Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Я.Абдуллаева.