October 29, 2020

«Бул жер еле зор болады...»

Нөкис қаласыныӊ жақын келешектеги көринисиниӊ жойбары ҳаққындағы видео ҳәмде фото материаллар сайтлар ҳәмде социаллық тармақлар арқалы халыққа мәлим етилди. Жойбарға көре, Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында 34 гектар, «Өзбекстан» гүзары бойында 28 гектар ҳәм «Дослық» каналы бойында 28 гектарлық жерде халықтың дем алыўы ушын қосымша шараятлар жаратылып, жаңа хызмет көрсетиў орынлары курылыўы режелестирилип, шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.


Жақында социаллық тармақларда 2020-жыл 26-октябрь 19:00де Нөкис қаласы “Өзбекстан” гузары 36-38 үй турғынлары менен Нөкис қаласы ҳәкимлигиниӊ “Коммунал хожалық бөлими” баслығы тәрепинен ушырасыў өткерилип, онда үйлерге банк кредитлери есабынан заманагөй «ақыллы» ысытқышлар қурдырыў бойынша усынысына қарсы болған, ўақтынша жумыссыз үй турғынлары ҳәкимликке наразы болғанлығы ҳаққына хабарлар тарқалды.
26-октябрь күни өткерилген ушырасыўда аймақ турғынларына көп қабатлы жайларды реновация ислеў ўақтында өз басламалары менен өрт қәўипсизлиги, ийис газинен зәхәрленыў жағдайларыныӊ алдын алыў, гуз-қыс айларында үйлерди ысытыў ушын пайдаланылатуғын ески ысытқышларды заманагөй электр жәрдеминде ислейтуғын ысытқышларға өзгертиў мақсетке муўапық екенлиги, егерде имкәнияты болмаса банк тәрепинен тутыныўшылар ушын жениллетилген кредитлерди алыўға әмелий жәрдем берилиўи айтылған. Ҳеш бир пуқара кредит алыўға мәжбүрленбеген. Бул бойынша видеокөринисте пуқаралардың өзлерида айтып өткен.
Сондай-ақ, заманагөй ысытқышларды ҳәр ким қәлеген саўда орнынан, қәлеген маркадағын алыўы мүмкин, бул видеода атап өтилгениндей “исбилерменниң мәпи қызықтай болып туйилгени” ушын алып барылып атырған жумыслар емес.
Мурәжатта баян етилген “ширкеттен шығыў” мәселеси Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 7-ноябрь күнги “Көп квартирали үйлерди басқарыў ҳаққында”ғы ЎРҚ-581-санлы Нызамына муўапық шерикликти сайлаў, есабатын еситип барыў, ағза болыў яки ағзалықтан шығыў сол көп қабатлы жайда жасаўшы пуқаралар тәрепинен әмелге асырылатуғынлығы көрсетилген. Бул бойынша орнында түсиник жумысларыда алып барылған.     
Ушырасыўда аймақ турғынлары тәрепинен жаўын-шашын күнлери трансформаторға жаўын өтип, тез-тезден үйлерде тоқ болмай қалатуғынлығы ҳақкында мүрәжат етген. Бул бойынша тийисли уйымларга  тапсырмалар берилди, тез күнде сапластырылады.

«Өзбекстан» гүзарыныӊ бүгүнги көриниси

Режелестирилген  жойбар бойынша

Мағлыўмат ушын, жойбар тийкарында төмендеги жумыслар әмелге асырылады:
- Морылар тәртипке келтирип, заманагөй материаллар менен қапланады;
- Фасад бөлеклери боялады;
- Көп қабатлы үйлер әтирапына, көшелерге заманагөй жақтыландырыўшы үскенелер орнатылады.
- Үйлердиӊ әтирапында жайласқан дүкәнлар тәртипке келтириледи;
- Саўда орны алдыларында пиядалар жолы, мәдений дем алыў орынлары жаратылады;
- велосипедте ҳәрекетленыў ушын арнаўлы жоллар қурылады.
- Пиядалар жоллары ушын жаңадан брускаткалар төселип, көзи әззи, майыплығы болған инсанлардың ҳәрекетленыўи ушын жетерли шараятлар жаратылады.  
Ҳүрметли қаламыз турғынлары ҳәм де  мийманлары, қаламызда алып барылып атырған абадандастырыў жумысларына белсене қатнасып, жаналаныў жумысларыӊ қоллап-куўатлаўыңызды күтип қаламыз.
Шайыр айтқанындай:
Өзгермелидәўирдеген,
Жерге де бирнәўбеткелер.
Бизлердүземегенменен,
Дүзеледибулжер еле.
Келер өзийесионың,
- Жаңаәўлад - ақыллыжас.
Көпсөйлемесбиздейболып,
Биздейосамаслыққылмас.
Жердиңқәдиринежетип,
Көтерисертөбесине,
Биздейөлерменликетип,
Күлтартпайдыкөмешине...
Кайтақурыўкәбилети
Жер-анада мол болады.
Аз ғанажылсабыретиң,
Булжер еле зорболады...

Нөкис қаласы ҳәкимлини Мәлимлеме хизмети