Нөкис қаласы прокуратурасының 2020-жыл жуўмағы есабаты тыңланды
Нөкис қаласы ҳәкимлигинде 9-январь күни 2020-жылда қала аймағында нызам үстинлигин тәмийнлеў, нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаў, жынаятшылық ҳәмде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған ислер жүзесинен ҳуқық қорғаў органлары муўапықластырыўшы Кеңеси мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске Нөкис қаласы қала ҳәкими У.Панаев, қала прокуроры С.Иматов, қалалық Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы Х.Очилов ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, профилактика инспекторлары, мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер баслықлары қатнасты.
Муўапықластырыўшы кеңес мәжилисинде, Нөкис қаласы аймағында нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳәмде алдағы ўазыйпалар ҳаққында мәселе қарап шығылды.
Мәжилисте Нөкис қаласы прокурорының орынбасары А. Ергунусовтың күн тәртибиндеги мәселе бойынша есабатында 2020-жыл даўамында қала прокуратурасына физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 3 942 мүрәжат келип түсип, соннан 2 553 мүрәжат прокуратура хызметкерлери тәрепинен көрип шығылған ҳәм көрип шығылған мүрәжатлардан 660 мүрәжаты қанаатландырылған, 730 физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықлары тикленгенлиги айтып өтилди.
Сондай-ақ, Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен 2020-жыл даўамында барлық тараўларда алып барылған бақлаў илажлары нәтийжелерине көре, 465 дана прокурор бақлаў ҳүжжетлери қолланылып, олардың додаланыўына көре 166 шахс интизамый, 132 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған, 19 жынаят иси қозғатылды, 300 млн. сўмлық зыянды өндириў бойынша судқа даўа арзалар киритилип, 995 шахстың (соннан 137 юридикалық шахс) бузылған ҳуқықлары тиклениўи ҳәмде 136 млн. 752 мың сўмлық жеткерилген зыян ықтыярый өндирилиўи тәмийинленген.
2020-жылдың 12 ай даўамында қала аймағында улыўма жынаятшылық 685 болып, 2019-жылға салыстырғанда 12,5 пайызға, яғный 76 жынаятқа көбейген.
Сондай-ақ, мәжилисте нызамшылық ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў аўҳалын жақсылаў бойынша Өзбекистан Республикасы Президенти қарар ҳәм пәрманларының орынланыўына итибар қаратылып, тийисли ўазыйпалар белгиленип алынды.