Мүрәжатлер өз мүддетинде көрип шығыў тәртиплери орынланбаўы жәриймалар қолланыланыўға тийкар болады
Нөкис қаласы Жаслар орайы имәратында Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде бирге ислесиўши ўәкилликли уйымлардың жуўаплы хызметкерлери қатнасында ушырасыў болып өтти.
Ɵткерилген ушырасыўда өткен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, соның менен бирге 2021-жыл 1-ярым жыллығында ислениўи лазым болған жумыслар көрип шығылды.
Ушырасыў қатнасыўшылары мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдеги ҳәкимшилик регламент талапларына қатаң әмел қылған ҳалда мүрәжатлерди өз мүддетинде көрип шығыў, егер жоқарыдағы тәртиплердиң орынланбаў жағдайлары ушырасса Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы ҲЖҳК тиң 215-5-статьясына тийкар жәриймалар қолланылатуғынлығы бойынша ескертилди.
Қатнасыўшылар мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша өзлериниң усыныс ҳәм пикирлерин билдирип өтти.
Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайы