СУЎДЫ ЖАҒАЛАП… (3-бөлим)
ПАМИР ТАЎЫ — СУЎЫМЫЗДЫҢ САҒАСЫ
Бизлер Қырғызстаннан Тәжикстанға Таўлы Бадахшан автономиялық областы тәрептен кирип келдик. Таўлы Бадахшан Тәжикстанның дерлик ярым аймағына шамалас территорияны қамтыйды. Басқасын Соғд ҳәм Хатлон областы және республикалық бойсыныўдағы районлар аймағы ийелейди.
Тәжикстанды ҳақыйқый таў ели десе болады. Мәмлекет аймағының 93 процентин таўлар ийелейди. Таўлар бийик болғанлықтан болса керек, төбеси аппақ қар, жанбаўырында жасыл өсимлиги аз, дарақлары жоқ. Соның менен бирге, дуз кәнине бай таўлар да бар екен. Жаўын жуўып, етеги кебир ашыған таўларды, шор көлди көриўге болады.
Тәжикстандағы музлықлардың көлеми 9 мың км2, яғный республика аймағының 6 процентин ийелеп жатыр. Бул жердеги Памир таўының ең бийик шыңы Исмайыл Саманий деп аталып, 7495 метрди қурайды. Памир таўлары бул жерде Тянь-Шань, Каракорум, Гиндукуш ҳәм Гималай таў дизбеклери менен тутасып кеткен.
Мине усы жерден Әмиўдәрьямыздың сағасы басланады. Таўдағы музлықлар, қарлар ерип сайларға, сайлар киши дәрьяларға, олар үлкен дәрьяларға қуйып, бизге шекем ағып келеди. Айырым мағлыўматларға қарағанда Тәжикстан аймағында мыңға жақын киши дәрьялар бар екен. Ал, мәмлекеттеги ең үлкен Вахш ҳәм Пяндж дәрьялары бирлесип Әмиўдәрьяны пайда етеди.
Сондай-ақ, тәбийғый қубылыслар, жаўынлар себепли таў жынысларының опырылып түсиўи ҳәм жер силкиниўлер ақыбетинде таў басында пайда болған көллер де бар. Қаракөл, Яшылкөл, Сарез көли, Искендеркөл ҳәм басқалар усылар қатарында.
Буннан басқа Тәжикстанда Қайрақум, Фархад, Нурек, Муминабад сыяқлы жасалма ири суў сақлағышлары да бар.
ГЭСлердиң БИЗЛЕРГЕ ЗЫЯНЫ БАР МА?
Рогун ГЭСиниң қурылысы басланған ўақытлары Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында бираз қарама-қарсылықлар болғаны бар. Лекин, кейинги ўақытлары еки ел арасында дослық қатнасықлар тикленип, түсинисиўлер пайда болмақта.
Вахш дәрьясының басында қурылып атырған Рогун ГЭСиниң дамбасы (платинасы) 335 метр болып, дүньядағы ең бийик платиналардан бири болады. Суў сақлағышының көлеми 13,3 км3 ты қурайды ҳәм бул 16 жыл даўамында толтырылып барылады екен. Ол қуўаты жағынан да ең күшли (3600МВт) ГЭСлерден болады. Рогун ГЭСиниң қурылысы бурынғы Аўқам ўақтында 1970-жылларда-ақ режелестирилген екен. Өткен 2018-жылы дамбасы 35 метрге көтерилип, ноябрь айында оның биринши агрегаты иске түсти.
Бизлердиң қәўетер – егер бул ГЭС қурылса, Тәжикстан тәреп суўды биз тәрепке жибермей, оны суў сақлағышын толтырыў ушын пайдаланады. Ақыбетинде бизге дийқаншылыққа суў келмей қалады. Ал, суў сақлағыш толтырылып, ГЭС иске түскен жағдайда- бир жер силкиниў болса, платина жарылып, сонша суў пәске қулайды. Жол бойы барлық ГЭС платиналарын қулатып, суў тасқыны төменги еллер ушын үлкен апат алып келеди, деген пикир бар бизиң пуқаралардың басым көпшилигинде.
Экспедициямыз ағзалары, тәжикстанлы жас алымлардың пикиринше, Рогун ГЭС қурылысы төменги еллерге ҳеш қандай машқала алып келмейди. Төменги еллерге өз-ара ҳүжжетлерде белгиленген муғдарда суў жиберилип, оннан аўысқан муғдары суў сақлағышты толтырыўға жумсалады. Оннан қала берсе, қар-жаўын аз болған жыллары дәрьяларда белгиленген суў муғдары шықпай қалғанда, суў сақлағышлардан қосымша суў жиберип, төменги еллер аўыл хожалығына жәрдем бериўге болады.
Ал, жер силкиниўге келсе, ГЭС дамбалары (платиналары) бетоннан емес, таслы-топырақлы араласпадан исленгени ушын, жер силкиниўде олар жарылмайды, қайта нығызланып барылады екен.
Тәжикстан аўыл хожалығы ҳәм басқа да мүтәжликлери ушын өз аймағында пайда болған суўдың 10 пайызын да пайдаланбайды екен. «Бизлер ГЭСлерде суўды пайдаланбаймыз, суўдан пайдаланамыз. Суўдың ағыс күшинен энергия алыўда пайдаланамыз. Елимиздиң суў күшинен энергия алыў потенциалы үлкен. Не ушын оннан пайдаланбаўымыз керек?! Бизде нефть, газ сыяқлы тәбийғый байлығымыз жоқ» дейди және бир тәжикстанлы достымыз, ГЭС инженери Зафар Рузиев.
Демек, бул қарама-қарсылықлы пикирлерде бир келисим жолын табыўға ҳәрекет етилиўи керек. Сонда ғана дослық қатнасықларымыз беккемленеди. Сол арқалы суўды ақылға муўапық, бир-биреўдиң мәплерин есапқа алған ҳалда басқарыў жолға қойылады.
Ҳәзирде Тәжикстандағы ГЭСлердиң ең үлкени Нурек ГЭСи. Ол Бахш дәрьясы ағысында жайласқан. Бурынғы Аўқам ўақтында 1972-1979-жыллар аралығында иске түскен. Оның 9 турбина ҳәм 9 генераторы бар. Қуўатлылығы 3000 МВт болып, Тәжикстандағы пүткил электрэнергияның 50 процентин ислеп шығарады. Платинасының (дамбасының) бийиклиги 300 метр. Суў сақлағышындағы суў көлеми 10,5 км3 ти, қурап, узынлығы 70 км.ге созылып жатыр.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ,Тәжикстанда ҳәзирде Рогунды қоса есаплағанда ҳәрекет етип турған 14 ГЭС бар. Келешекте ҳәр түрли қуўатлылықтағы 18 ГЭС қурыў режелестирип қойылған.
БИР КӨЛ КӨРДИМ…
Тәжикстанның Таўлы Бадахшан автоном областы аймағында бир көлше көрдим. Суўы айнадай тынық. Көлшениң түбиндеги таслардың, суў түбиндеги өсимлик жапырықларының сызықларына шекем көринеди. Көлше ишинде қарыстан зыят жүзден аслам балықлар жүзип жүр. Айтыўларына қарағанда, бул кийели жер екен. Онда шомылыўға ҳәм балығын услаўға болмайды.
Әпсанасы бойынша, бул жерде бир ғәрип шопан күн кеширипти. Шопанның дәслеп еки-үш қойы болып, соң олар жылдан-жылға көбейе берипти. Қойлары көбейгенине кеўли толып, бираз жүзи жайнаған шопанның қуўанышы көпке бармайды. Қойларын кеште айдап әкелип қамаған қорасын түни менен күшли жаўын жаўып, сел алып, қой қорасын суў басыпты.
Қойларынан айырылған шопан, бала-шағасын енди не менен бағыўды қайғырып, суў басқан қой қорасының орнына қарап дизерлеп отырып зар жылапты, соң диңкеси қурып, шаршап уйықлап қалыпты. Бир оянса, қорасының орнында бир тынық көлше пайда болған, оның ишинде болса, қойларының саны қанша болса, сонша балық пайда болыпты.
Шопанның көз жасы көлшени тынықластырып, сел суўында өлип қалған қойларына жан берген емиш. Қойлары болса, тирилип, балыққа айланыпты екен.
Ҳақыйқаттан да тәсиршең әпсана. Ҳақыйқаттан да әжайып көринис, сулыў мәскан! Көлше үлкен бир тәбийғый аквариумды еслетеди.
ТАЎ ҲӘМ ДӘРЬЯЛАРДЫ БОЙЛАП
Памир таўына келиўши туристлер көп екен. Жол бойында машинада, велосипедте, ҳәттеки, жаяў жүрген туристлерди көриўге болады. Бизлер таў менен бирге, дәрьяларда да жағаладық.
Памир ҳәм Бахандәрьялардың қосылыўынан пайда болатуғын Пяндж дәрьясы Әмиўдәрьяның тийкарғы тармағы. Бизлер бир күнлик жолды усы Пяндж дәрьясын жағалаў менен өттик. Ол дерлик 3000 метр бәлентликтен ағып түскенликтен қап-қара болып, бурқасынлап ағады. Дәрья тәжик менен афган шегарасы бойлап 900 км. артыққа созылған. Пяндждың бир жағасы Тәжикстан болса, екинши жағысы Афганстанға тийисли. Сонлықтан оның бойында ГЭСлер қурылмаған. Тийкарғы ири ГЭСлер Вахш дәрьясында жайласқан.
Буннан басқа, экспедициямыз даўамында Тәжикстандағы ең қәўипли саналған Бахан коридорынан да өтип, Афганстан тәрептен терроршылар, наркотик сатыўшылар ушын аңсат өткеллер бар екенлигин көрдик. Әсиресе, гүздиң ҳәм қыстың күнлери дәрья суўлары тартылған пайытларда қадағалаўсыз аймақтан атлы өтип кетиўге болады да екен.
Үлкен трасса бойлап киятырғанымызда ҳәр жерде усы шегараны гүзетип жүриўши тәжик солдатларына көзимиз түсти. Экспертлердиң айтыўына қарағанда, тәжик ҳәм афган шегарасын толық қадағалаўға алыў қыйын екен. Бизлер сонда да ҳеш қандай қорқынышсыз таўда палаткаларда түнедик.