СУЎДЫ ЖАҒАЛАП… (5-бөлим)
СУЎ БАЙЛЫҚ ПА ЯКИ ҲУҚЫҚ?
Суў да нефть, газ, көмир сыяқлы тәбыйғый ресурс саналады. Усы көз-қарастан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан тәреп «сизлерде тәбыйғый газ, нефть байлық есапланса, бизде суў тәбийғый байлығымыз. Сизлер нефт ҳәм газден өз қәлеўиңизше пайдаланып атырсызлар. Бизлер де өз территориямызда өз дәрьяларымыздан қәлегенимизше пайдаланамыз» десе олар ҳақ бола ма? Бир қарағанда олардыки де дурыстай.
Лекин, суў сондай тәбийғый ресурс, егер, ол трансшегаралық дәрьяларға қуйылатуғын болса, оған бир мәмлекеттиң ийелик етиўи шекленген болады. Бул норма халықаралық хуқықта белгиленген. Бул дегени, қандай да бир мәмлекеттиң сағада өз мәпи ушын суўды басқарыўы, екинши бир мәмлекеттиң мәпине зыян бермеўи керек. Бунда еллер суўдан пайдаланыўда халықаралық хуқық нормалары тийкарында өз-ара келисимге келиўи, ең баслысы, буған әмел етиўи тийис.
Экспедициямызға улыўмалық басшылық еткен, супервайзерлерден бири, юрист, польшалы Барбара Януш Павлеттаның билдириўинше, мәмлекетлер арасында дүзилген, хуқықый есапланған ҳәр қандай келисимлер, шәртнамалар, конвенциялар орынланыўға мәжбүрий саналады. Ал, декларациялар, Орайлық Азияда суў мәселесиндеги декларациялар баршылық, мәселен Нөкис декларациясы, Ташкент, Алматы декларациялары, халықаралық хуқықтың көз-қарасынан мәжбүрий емес.
Халықаралық экологиялық хуқықтың бир бөлеги болған халықаралық суў хуқықы еле жас тараў. БМШтың бул бағдардағы Халықаралық ашық суў ағымларынан кемелер қатнамайтуғын түрде пайдаланыў ҳуқықы ҳаққындағы Конвенция 1997-жылы қабыл етилип, арадан 13 жыл өтип күшке кирген. Соның менен бирге, буған дүньяжүзи бойынша 35 мәмлекет қосылған. Бул дегени суўды глобаллық ретлестириў тек ғана усы мәмлекетлерге мәжбүрий саналады. Орайлық Азияда Өзбекстаннан басқа ҳеш бир мәмлекет бул Конвенцияны ратификацияламаған. Қоңсы еллердиң Конвенцияға қосылыўы яки қосылмаўы олардың ҳуқықы. Сонлықтан, халықаралық ашық суў ағымынан пайдаланыў ҳуқықы мәселесинде биргеликте келисимге келип ислесиўге туўра келеди. Бул енди еллер арасындағы ҳуқықый мәселе.
Ал, суўдың ҳәр бир инсан өмири ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлиги БМШ тәрепинен айрықша итибарға алынған. Сонлықтан, 2010-жылы июль айында БМШтың Бас Ассамблеясы резолюция қабыл етти. Оған муўапық, ҳәр бир адам жеке ҳәм турмыслық зәрүрлиги ушын жеткиликли дәрежедеги (суткасына 50 ден 100 литрге шекем) суўдан пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Солай екен, мәмлекетлер арасындағы бул мәселедеги келисимлер суўға тәбийғый экономикалық байлық сыпатында емес, ҳәр бир инсанның жасаўы ушын зәрүр болған ҳуқықларынан бири сыпатында қаралса, оннан ақылға муўапық пайдаланыўға болады.
ҚАЗАҚ ДАЛАСЫНДА
Экспедициямыз бенен Өзбекстаннан Қазақстанға өтип, Шымкент қаласын айланба жол менен айланып, туўры Түркистанға жол алдық. Түркистанға түнде келип жеттик. Азанда Орайлық Азияға белгили Хожа Ахмед Яссаўий мавзолейин зыяратладық.
Соң қазақтың кең даласы арқалы ўақтында Қазақстанның 2 жылдай пайтахт қаласы болып турған Қызылордаға атландық. Ол жердеги музейлерди аралап болғаннан кейин, халықаралық шөлкемлердиң қоллап-қуўатлаўында «Жасыл экономика» бағдарламасы шеңберинде қум барқанында шөлкемлестирилген фермер хожалығы менен таныстық.
Бул жердеги «Манақ баба» деп аталыўшы фермер хожалығында егин егиў ҳәм мал бағыў ушын барлық қолайлық жаратылған. Хожалықты электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде заманагөй дизель генераторлары, қуяш панеллери ҳәм самал генераторлар орнатылған. Насозларда жер астынан суў тартып, бассейнге толтырып, соң атызларға тамшылатып суўғарыў технологиясы арқалы жибериледи. Бағшылығында 3 гектар алма, палызшылығында помидор, қыяр, қаўын, ғарбыз ҳәм басқа да егинлер, нәсилли маллар есабынан шарўашылық та жолға қойылған. Көргизбели жойбар екенлиги билинип тур, сонша технологияны бир фермер өз хожалығында енгизиўи қыйын, әлбетте.
Қызылорда областындағы бир қатар гидроузеллерди барып көрдик. Олардың суў өткизиў қуўатлылығы ҳәм суўғарылатуғын жер майданлары менен таныстық. Буннан соң Киши Арал теңизине жақын көллердиң бири «Қамысбасты» көлине бардық. Қазақстан бул көлдиң жағасында «Арал» илимий-туристлик орайын шөлкемлестириўди режелестирген. Әлле қашан дәслепки жумыслары баслап жиберилген. Бул жерде палаткаларымызды қурып, бир күн түнедик.
Азанда Арал қаласының Қаратерең аўылына жол алып, сол аўылда да бир күн мийман болдық. Биз қонған үйдеги апамыз, атын умыттым, тийкары мойнақлы екен. Тез-тез барып туратуғынлығын, алдыңғыдан жақсы өзгерислер болып атырғанлығын айтты. Қызығы, усы аўылдың турғыны, 70 жасты алқымлаған Әлжанов Шынарий деген жасыүлкеннен интервью алып, сәўбетлескенимизде, оның да әкеси негизи шымбайлы болып шықты.
Арал теңизи толып-тасып турған пайытта Мойнақ пенен Қазақстанның Арал қаласы аралығына корабльлер тез-тез қатнап турған. Шамасы, сол ўақытлары бизден ол жаққа, ол жақтан бизге келип қоныс басып қалғанлар көп болған болса керек.
- Мен кишкенелигимнен усы теңиз бойында өстим,-дейди Шынарий аға. - Теңиз толып турған пайытлары гүркиреген даўылдан кейин теңиз өксигин баса алмай, толқыны сапырылысып, даўысы аўылға естилип жататуғын еди. Мен өзим балықшы болдым. Еле есимде, услаған ең үлкен ылақамыз 104 килограмм шықты. Шаллар айтатуғын еди, теңиздиң қарақалпақ тәрепинде 250 килограмм шығатуғын ылақа усладық деп.
Балықшы болған ағамыз өткен дәўирин усылай еслейди. Теңиз қайтқаннан соң тек балықшылықты кәр еткен бул жерде де тиришиликтиң күйи таяды. Адамлар ҳәр жаққа көше баслайды. Кейин Қазақстан президентиниң басламасы менен Көк Арал дамбасы қурылып, ҳәзир суў бираз көтерилген. Балықшылық қайта жанланбақта.
Экспедициямыз ағзалары менен ең соңғы мәнзилимиз Киши Аралға, оған қурылған Көк Арал дамбасына келдик. Усы 9 шлюзден ибарат дамба Киши Аралды сақлап қалды десе де болады. Келешекте бул дамбаны еле де 8 метрге көтерип, Киши Аралдың суў қәддин көтериў жобаластырылған.
АРАЛ ҲӘММЕНИ БИРЛЕСТИРДИ
Орайлық Азия, Афганстан, Европа, АҚШ ҳәм Япония еллеринен болған экспедиция ағзаларын Арал теңизи бирлестирди. Биз 22 күн даўамында төрт мәмлекет аймағынан өтип, 6000 км. аслам жолды машинада басып өттик. Экспедициямыз даўамында таў-тасларды, дәрья-сайларды, қум-саҳраларды, қала-аўылларды бирге өткен бизлер бир-биримизге баўыр басып қалғанымыз рас. Қайсы елден, қайсы миллеттен болыўына қарамастан, дослық қатнасығымыз беккемленди.
Экспедициямыз жуўмақланғаннан кейин, еки күн өтип Түркменстанның Түркменбашы қаласында Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары ушырасып, Халықаралық Аралды қутқарыў фонды шөлкемлестириўши еллер сыпатында Арал машқаласы бойынша Биргеликтеги коммюникени қабыл етти.
Буннан кейин болса, БМШтың басшылығында Аралбойы аймағы ушын көпшериклик транс фондтың шөлкемлестирилиўи елимиз ушын үлкен қуўаныш болды.
Арал теңизиниң қурығын ултанына Өзбекстан бойлап келген үлкен жәрдемшилер топарының көмегинде сексеўил туқымын егиў — үлкен мапазға айланды.
Булардың бәри Арал апатшылығын жүзеге келген экологиялық аўҳалды жумсартыў, Аралбойында жасаўшы халықтың социаллық жағдайын жақсылаў жолындағы илажлар. Лекин, теңизин сағынған халық бәрибир оның толыўынан үмитли. Қанша илимпаз, қанша қәниге теңиздиң қайтыўы мүмкин емеслигин неше мәрте дәлиллемесин, бул үмитлер сөнбейди, сөнбеўи де керек.