Мақалалар
March 31, 2024

12 ЖАСЛЫ БАЛА ПЛАСТИК КАРТАДАН ПУЛ ТАРТЫП АЛДЫ  

Ҳәзир интернеттеги социаллық тармақларда пуқараларды каналға адам қосыўға шақырып, есесине түрли бонус, пул ҳәм шегирмелер бериўди ўәде етиўши шақырықлар көбейип кетти. Булардың ишинде алдаўшылар да жоқ емес. Республикамызда жүз берген төмендеги ўақыяны көпшиликке сабақ болсын деген мәнисте жәриялап атырмыз.

Өткен жыллары белгисиз шахс тәрепинен шөлкемлестирилген телеграм бот каналында «Марказий Студия» топарына адам қосқан шахсқа пул саўғасы бар екенлиги жазылады. Хожели районы турғыны П.Ю. бул хабарға исенип, каналға бир неше адам қосады. Соң оған, каналға 200 адам қосқаны ушын 800 мың сум хошамет пулы бар екенлиги хабар етиледи. Бул хабарға қуўанып кеткен П.Ю. «хошамет пул»ын алыў ушын, оған айтылған барлық ҳәрекетлерди әмелге асырады. Яғный ол өзиниң анасына тийисли банк пластик картасының номерин ҳәм пластик картаға жалғанған телефон номерлерин телеграм бот каналының ийесине жазып жибереди.

Ата-бабамыз бундай ўақыяларға «Батпан қуйрық, нағып жолда жатқан қуйрық» деген. Ҳәзирги исениўшең адамларымыз да «Бир бәлеси болмаса, шүдигарда балық не жесин» деген ойға барып та көрмейди ме екен дейсең!

Өзгениң банк пластик картасы ҳаққында толық мағлыўматларды алып болған телеграм канал жүргизиўши шахс копьютер технологиясы жәрдеминде П.Ю.дың анасына тийисли болған ҳәм ишинде пулы бар банк пластик картасынан 4 млн. сумнан аслам пулды тартып алады.

Утыс пулын күтип отырған П.Ю. қайта анасының пластик картасындағы пулдан айырылып қалады. Соң дәрҳал ҳуқық қорғаў уйымына мүрәжат етеди. Алып барылған опертив ҳәрекетлер нәтийжесинде, пулды шешип алған Әндижан ўәлаятының орайында жасаўшы 12 жаслы Х.К. екенлиги анықланады. Бул бала алдаўшылық жолы менен пластик картадан шешип алған пулын өзиниң әкесиниң пластик картасына өткерген. (Буған биреўлер исенбеўи мүмкин. Бәлким, биреўлер балаға үйретип турған шығар, деген ойға барар. Бәлким, баланың өзи қәбилетли болыўы да мүмкин.)

Бул жынаят ҳәрекети болып, бала Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясында көрсетилген жынаятқа қол урған.

Лекин, нызамшылыққа бола, оның бул қылмысты ислеген пайытта жасы 16ға толмағаны ушын жас өспирим Х.К.ның айыплылық мәселеси шешилмей турып тамаланады. Яғный балаға ҳеш қандай жаза шарасы қолланылмады.

Соның менен бирге, дәслепки тергеў барысында жәбирлениўши П.Ю.ға жеткерилген материаллық зыян жас өспиримниң жақынлары тәрепинен ықтыярый түрде қаплап берилмей келинген.

Бирақ, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 993-статьясында 14 жасқа шекемги жас өспирим тәрепинен жеткизилген зыян ушын оның ата-анасы (перзентликке алыўшылары яки әменгерлери) жуўапкер болатуғыны белгилеп өтилген.

Сонлықтан, Әндижан районлараралық судында суд жәбирлениўши П.Ю.ға жеткерилген 4 млн. сумнан аслам зыянды Х.К.ның әкеси В.М.дан өндириў бойынша шешиўши қарар қабыл етеди. Соның менен бирге, Х.К.ның әкеси В.М.дан мәмлекет бажы ҳәм почта қәрежетлерин өндириў белгиленеди.

Он еки жаслы өспиримниң бундай иске қол урғаны кимди болса да таңландырары сөзсиз. Бирақ, ҳәзир балаларымыз интернет технологияларын тез өзлестирип атырғанын есапқа алсақ, бул базыларға таң болмаўы да мүмкин. Баслысы, баланың қәбилетин дурыс жолға салыў, баланы ер жетиў жасына шекем қадағалаў ата-ананың миннети есапланады.

Ал, социаллық тармақлардағы түрли хабарларға исениўшең пуқараларға болса, интернеттеги утыслы ойынларға абайлырақ болыўды мәсләҳәт етемиз. Соны есте тутың, жоқарыдағыдай жағдайға түсип қалмаў ушын жеке шахсқа тийисли ҳәм банк пластик карталардың мағлыўматларын ҳәммеге де бере бермеў керек.

Саламат АЖИМОВ,

журналист.