Мақалалар
March 22, 2024

СУЎДЫ ЖАҒАЛАП… (2-бөлим)  

ҚЫМЫЗ САТҚАН ҚЫРҒЫЗ ҚЫЗ

Ертеңине азанда ерте Алматы қаласынан Қырғызстанға жол алдық. Түске жақын қазақ-қырғыз шегарасынан өттик. Шегараны кесип өтиў қыйыншылық туўдырмады. Узағы менен ярым сааттай кетти. Соң түслик қылып алдық та Бишкек қаласын айланба жол менен айланып, Бишкек-Ош жолына түстик.

Қырғызстан таў ели. Оның дерлик 65 процентин Тянь-Шань ҳәм Памир таўлары қурайды. Қырғыз елиниң тәбияты өз алдына сулыў. Жасыл шөплер менен қапланған бийик таўлар. Усы таўлар арасынан Бишкек-Ош жолы өтеди. Бирин-бири қайталамас таў жанбаўырлары, оның етегинде ағып турған киши дәрьялар әжайып көринисти пайда етеди. Таўлар арасы менен гә көтерилип, гә түсип бул жердеги «Түйе асыў», соңынан «Ала бел» деген өткеллеринен өтик.

Қырғыз ели және өзиниң қымызы менен танымалы. Талас областына кететуғын бурылмаға жақынлай бериўимиз менен жолдың еки бойында тигилген ақ отаўларға көзиң түседи. Көз ушында ҳәр жер-ҳәр жерде ат үйирлери жүр. Ақ отаўлар алдына, жол бойына қымыз, қурт, салаам деген ат сүтинен исленетуғын ишимликлерди қатарластырып қойыпты.

Бизлердиң машинаның айдаўшысы, шофёр жигит Алмаз қырғыз болғанлықтан жол бойы таныстырып киятыр. Қырғыз тили қарақалпақшадан қатты бир қашық тил емес екен. Жақсылап тыңласаң, түсинесең. Алмаз қымыздың мақтаўын жеткизди. Денсаўлыққа ҳәр тәреплеме пайда екенлигин, өзи де жаз айларында тек қымыз ишип жүретуғынлығын айтып киятыр. Мен қымыз ишип көрмегенимди, жолдан жақсы қымыз алыўда жәрдемлесиўди сорадым. Алмаз бул жердеги айырымлар қымызға суў араластыратуғынлығын айтып, өзи таза қымыз сататуғын жерге алып баратуғынын болды.

- Қымызды биринши ишиўиңиз болса, дәслеп аз-аздан ишиң, болмаса ишиңизди айдап жибереди. Мени жолда тоқтатып боларсыз,-деп күлип қойды Алмаз.

Талас областына бурылатуғын жерде, қырғыз халқының батыры Манасқа орнатылған естелик жанында тоқтадық. Бизлер сүўретке түсип жүргенимизде Алмаз қымыз алып келипти. Қай жерден алғанын сорадым да мен де сол дүканға бардым.

Бир сулыўшықтан келген қыз ҳәм орта жастағы ҳаял бар екен. - Сулыў қызларға сәлем,-дедим ишке кирип.

- Қымыз қаншадан?

- 100 сом.

Биреўин бериң.

Қазахсыз ба?

-Яқ. Қарақалпақпан.

Ол қандай улт?

- Сондай улт бар, бизге оқшоп кетеди,-деди қасындағы апа.

- Тилиңиз да абдан оқшош экен, -деди қыз.

- Аўа уқсайды,-дедим. Кейин билсем бизлердиң «аўа»мыз, оларда «оба» деп айтылып, тап бизлердиң «аўа» дегенимиздей еситиледи екен.

- Қымызды алдын ишип көрмедим. Қәйтип ишиў керек? деп олардан да сорадым.

- Сразу бир литр ичиңиз, пайдалуу,-деп күлди жас қыз.

Билдим, қырғыз қызы мениң менен ҳәзиллескиси келди.

ТОКТОГУЛ — ОРТА АЗИЯДАҒЫ ЕҢ ҮЛКЕН СУЎ САҚЛАҒЫШ

Қырғыз халқының белгили ақыны, жыршысы Токтогул Сатылғановтың (1864-1933) атына қойылған бул суў сақлағыш Орта Азияда ең үлкен суў сақлағыш болып, ол Токтогул ГЭСның тийкарғы суў резервуары саналады. Ол Нарын дәрьясы ағысының бойында жайласқан, бул дәрья оны суў менен тәмийинлеп турады. Токтогулден аққан суў және Нарын дәрьясы бойлап ағысын даўам етеди. Онда 19 куб.кмге жақын суў бар. Бундай үлкен суў муғдары ГЭСтиң қысы-жызы ислеўине имканият жаратады. Ал, ГЭСтиң қуўатлылығы 1200МВт/с қурайды. Токтогул ГЭСи 1972-жыллары иске түскенликтен бүгинги күнде оның агрегатлары гөнерген, модернизациялаўға мүтәж дәрежесине келген.

Бул цифралар әпиўайы оқыўшыға түсиниксиз болыўы мүмкин. Басқаша түсиндиргенде, Токтогул ГЭСиниң суў резервуары Тәжикстандағы Нурек ГЭСинен 2 есес үлкен, лекин, қуўатлылығы жағынан 2 есе кем. Ал, Нурек ГЭСи болса, жаз күнлери толық қуўатлықта ислесе, Тәжикстанның 70 пайызын электр энергиясы менен тәмийинлей алады. Буған кейинирек тоқтаймыз.

Қырғызстан тийкарғы энергияны Нарын дәрьясы бойлап қурылған ГЭСлерден алады. Және бир нәрсени мағлыўмат ретинде айтып өтсек, Нарын дәрьясы кейиншелик Қарадәрья менен бирлесип Арал теңизиниң бир артериясы болған Сырдәрьяны пайда етеди.

Мени және таңландырған нәрсе, бизде бир түбин еккениң ушын жынайый жуўапкершилике тартылатуғын кендер өсимлиги Токтогул суў сақлағышы бойында жайылып өсип тур. Бул жабайы кендер. Германиялы илимпаз Нильс Тевс оның биологиялық қәсийетлери ҳаққында айтып берди. Кендер пақалы труба сыяқлы талшықлардан қуралғанлықтан басқа еллерде оны тоқымашылық санаатында кеңнен пайдаланады екен.

Қырғызстанда таў жанбаўырларында, қырларда ҳәр жылы өсип кете беретуғын жабайы кендерлерди жоқ етиўдиң илажы жоқ дейди. Лекин, оннан пайдаланыў, оны алып шығыў бул елде де жынаят саналады.

Саламат АЖИМОВ,

журналист.

Даўамы бар.