ТОҒАЙЫМЫЗДАН АЙЫРЫЛДЫҚ ПА?
Суў — Ана-тәбияттың «қаны» болса, тоғайлар тәбиятымыздың, жеримиздиң «өкпеси» саналады. Себеби, өсимлик дүньясы, жасаў ушын ең зәрүр болған кислородты ислеп шығарады. Бунда тоғайларымыздың орны айрықша.
Биз, биринши болып, Арал теңизинен емес, тоғайзарлығымыздан айырылдық! Өткен әсирдиң 30-40 жылларында (1930-1940) Қарақалпақстан Республикасы аймағында тоғайзарлығымыздың улыўма майданы 350 мың гектарды қураған. Ҳәзирги ўақытта 30 мың гектарға шамалас. Өткен 80 жыл ишинде тоғайзарлық майданы 90%тен асламға қысқарған.
Буған баслы себеп не болған? Тийкарғы себеп, «Өзбекстан Республикасының қорықханалары ҳәм тәбият бағлары» китапта мағлыўмат берилиўинше, 1950-1970-жыллар аралығында аўыл хожалығы егинлери ушын жаңа жерлерди ашыў, өзлестириў ҳәм суўды аўыл хожалық егинлерине көп пайдаланыў ақыбетинде, усындай жағдай келип шыққан.
Ҳәзирги ўақытта қалып турған 30 мың гектарлық тоғайзарлықтың 85-90%и Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватында, яғный Бадай тоғайда жайласқан. Кейинги жылларда бул жердеги өсимлик дүньясының кемейип баратырғанлығы гүзетилмекте. Жоқарыда аты атылған китапта келтирилиўинше, 1970-жыллары Бадай-тоғай қорықханасында 167 түрге тийисли болған өсимликлер дизимге алынған болса, 1985-1996-жыллар даўамында тоғайзарлықта гүзетиў ислери алып барылғанында, тоғай өсимликлери 61 түрден ибарат екенлиги көрсетилген. Демек, қысқа ўақыт ишинде, сол жердеги флора дүньясы 106 түрге қысқарған.
Бадай тоғайымызда қалған басқа өсимликлердиң, тийкарынан тораңғыллар менен жийделердиң аўҳалы да жақсы емес. Әмиўдәрья суўының азайып, дәрьядағы суў қәддиниң кейинги 25 жыл ишинде 4-4,5 метрге пәсейип кетиўи ақыбетинде, 1976-жылдан 1998-жыллар даўамында қорықхана аймағын суў баспаған. Тек ғана 1998 ҳәм 2004-жылларда тоғайдың азғана бөлегинде суў тасыўы жүз бергени гүзетилген. Оннан берги жағында және сол аўҳал.
Бундай экологиялық жағдай тереклерге сезилерли дәрежеде унамсыз тәсир тийгизген. Изертлеўши алымлар Ж.В.Кузьмина ҳәм С.Е.Трешкинлердиң 2003-жылғы мағлыўматына көре, тоғайдың 55 % қуўраўға жүз тутқан. Кейинги ўақытта жағдай еле де жаманласқан. Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватына барып көргенимизде, бул жердиң тийкарғы өсимлиги болған тораңғыллар қуўрап, олардың орнын шөлге және дузлы жерге шыдамлы болған жыңғыл ҳәм қарабарақлар басып баратырғанлығын гүзеттик. Бул тоғайзарлықтың қысқарыўы — ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньямыздың кескин қысқарыўына алып келеди.
Қорғалатуғын аймақтағы тоғайымызды қорғай алмай атырғанымыз, ҳәм күлкиси, ҳәм қайғылы. Көз алдыңызға келтириң, буннан 70-80 жыл алдын АНА-ТӘБИЯТЫМЫЗ қандай болған?! «Пышық мурны» батпайтуғын тоғайзарлық, толып-тасқан Әмиўдәрья, мәўиж урған Арал теңизи, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына бай мәскан! Ҳәзир ше…?! Бир әўлад көз алдында бәринен айырылажақпыз! Ертең, арадан 70-80 жыл өткеннен кейин АНА-ТӘБИЯТЫМЫЗДЫҢ аўҳалы қандай болады?! Ойлаў қорқынышлы.
Терек ҳаққында билиўимиз керек болған айырым әҳмийетли фактлер:
Бир үлкен терек жылына 120 килограмм кислород ислеп шығарады. Бул 3 адамның бир жыл даўамында дем алыўына жетеди. Қуяшлы бир күнде 1 гектар тоғай ҳаўадағы 120-280 кг шекемги угликисли газди өзине тартып алады. Бир гектар ийне жапарықлы тереклик бир жылда 40 тонна, ал, бир гектар жапырақлы тереклик 100 тонна шаңды өзинде услайди екен. (дерек: ecology.md)