СУЎДЫ ЖАҒАЛАП… (4-бөлим)
ӨЗ ЖУРТЫМА ӨЗГЕЛЕРДИҢ БАҲАСЫ
Тәжикстаннан Өзбекстанға киргенимизде экспедиция ағзаларымыз бенен бағдарлама бойынша Ферғана, Әндижан, Наманган ўәлаятларын ҳәм Ташкент қаласын айландық. Экспедиция ағзалары да оқымыслы, жас болса да бираз еллерди көрген инсанлар болғанлықтан, ҳәр елди бир-бирине салыстырыўы тәбийғый. Мениң өзим де Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанда болғанымызда еллердиң жерин, тәбиятын, үйлерин, турмыс тәризин өзлеримизге салыстырып жүргенмен.
Шынымды айтыўым керек, мен Өзбекстанда жасасам да, Ташкентке бир неше мәрте барсам да, Ферғана ойпатлығы тәрепке шығып көрмеген едим. Бул жердиң тәбияты, адамларының мийнеткешлиги, миймандослығы экспедиция ағзалары алдында менде мақтаныш сезимин оятты, асыра айтқан емес, Өзбекстанның бул аймағы көпшиликтиң ҳәўесин келтирди.
- Мени ҳәр бир үйдиң алдында өсип, моншақтай салбырап турған жүзимлер өзине тартты. Сондай азада көшелер. Мен келеси жылы жазда турист сыпатында әлбетте келемен,-дейди қазақстанлы журналист Анна Шапавалова.
- Өзбекстанда барған жеримизде азғана иркилсек, бизлердиң алдымызға қаўын-ғарбыз, алма-жүзим, шабдал, ерик сыяқлы мийўелерди, тәбийғый сокларды үйип таслайды. Кофе брейк орнына, мийўе брейк жеп ҳәз еттик,-дейди қырғызстанлы жас илимпаз Жамиля Дайрова.
- Мен ўәлаятларда болғанымда да, Ташкентте Әмир Темур қыябанын (Сквер) айланғанымда да еркин айланып жүрген жасларды көрип, сулыў безелген имаратларды көрип ҳәўесим келди. Буның бәри бул жердеги тынышлықтың арқасы. Бизде ҳәр күни ҳәр жерде партлаў, атыспа. Келешегиңди режелестириўдиң өзи қыйын, өлип кетиў қәўпи жоқары-дейди экспедициямыздың ағзасы, Афғанстанның Херат қаласынан келген Сайед Абдул Басет Рахманий.
Дурыс, базы да басқа раўажланған еллерди көрип, изде қалғанымыздан налып пикир етемиз, базы да елимиздиң усы тәреплерине шүкир етип қойыўымыз да керек деп ойлайман.
ФЕРҒАНА ОЙПАТЛЫҒЫНДА СУЎ МӘСЕЛЕСИ
Қырғызстан ҳәм Тәжикстанда суў мәселеси тийкарынан энергетика менен ал, Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Қазақстанда болса, суў мәселеси тиккелей аўыл хожалығы менен байланыслы. Өйткени, жоқарыдағы еллер суўды тийкарынан ГЭСлерден электр энергиясын алыў ушын пайдаланса, төменги еллер суўды аўыл хожалығында, егислик жерлерди суўғарыўда пайдаланады.
Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья суўының көпшилик бөлегин Өзбекстан ҳәм Түркменстан пайдаланады екен. Өзбекстан халқының дерлик үштен бир бөлеги жасайтуғын, халық тығыз жайласқан Ферғана ойпатлығында да суў мәселеси ең әҳмийетли саналады. Ферғана ойпатлығында Өзбекстанның Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларынан басқа, Қырғызстанның Жалал-Абад, Ош, Баткен областлары ҳәм Тәжикстанның Соғд областы да жайласқан. Бул жердиң халқы тийкарынан дийқаншылық пенен шуғылланады.
Сырдәрья бул жердеги ең ири дәрья. Соның менен бирге, Үлкен Ферғана каналы тийкарғы суў тармағы есапланады. Үлкен Ферғана каналы 1940-жылы жүдә қысқа мүддетте, көмек жолы менен 163 мың адам қатнасында, 45 күнде қазып питкерилип, рекордлар китабына киргизилген. Каналдың улыўма узынлығы 350 км. ди қурып, Ферғана ойпатлығындағы 500 мың гектарға шамалас жерди суўғарады.
Бизлер экспедициямыз барысында Өзбекстанның Ферғана ойпатлығы магистраль каналлар Басқармасында болып, бул жердеги суўды басқарыў жумыслары менен таныстық.
Басқарма ҳәр 10 күнде ўәлаятлардан қанша суў кереклиги бойынша арза алады, соң суў хожалығы министрлигине жиберип, ол тастыйықлап берген суўды Әндижан суў сақлағышынан алып, каналларға бөлистириледи. Аўысқан суў Үшқорған, Күйген яр гидроузеллеринен пәске жиберилип, Нарын ҳәм Қарадәрья арқалы Тәжикстандағы Қайрақум суў сақлағышына барып түседи ҳәм ол жерден және Өзбекстанға шығарылады.
Ферғана ойпатлығында суў машқаласына тоқтайтуғын болсақ, Игрригация системасы Нарын-Қарадәрья бассейни басқармасы баслығының биринши орынбасары Ш.Эргашевтиң айтыўынша, бул Токтогул суў сақлағышы менен байланыслы. Себеби, Қырғызстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин, бул суў сақлығышынан энергетика режиминде пайдаланып келмекте. Яғный бәҳәрде, жазда суўды аз жиберип, гүз-қыс мәўсиминде көбирек жибереди. Бул болса, аўыл хожалығында машқала келтирип шығарған. Кейинги жылларда бул бағдарда бираз унамлы келисимге ерисилмекте екен.
СУЎДАН ҮНЕМЛИ ПАЙДАЛАНЫП АТЫРМЫЗ БА?
Экспертлердиң пикиринше, Орта Азияда суў жеткиликли муғдарда, лекин, ирригация системасының дурыслы жолға қойылмағанлығынан суў жетиспеўшилиги гүзетиледи.
Экспедициямыз барысында, Швейцария мәмлекетиниң «Өзбекстанда суў ресурсларын басқарыўдың миллий жойбары» тийкарында алып барылып атырған ислер менен де таныстық.
Өзбекстан бойынша 13 жерде Фермерлер дала мектеби дүзилген, оның тийкарғы мақсети фермерлерге тренинглер жәрдеминде суўдан нәтийжели ҳәм үнемли пайдаланыўды үйретиўден ибарат.
Бул жойбар шеңберинде бизлерге Наманган ўәлаяты Үшқорған районында жайласқан фермер хожалығында пахта атызларын полиэтилен трубалар арқалы суўғарыў таныстырылып, оның абзаллықларын айтып өтилди. Айтыўынша, бул арқалы 10-15 пайыз суўды үнемлеў мүмкин екен.
Қарақалпақстанда бундай жойбар Қараөзек районындағы фермерлердиң биринде қолланылды, дейилди.
Экспедиция даўамында Қазақстанның Алматы қаласында, Қырғызстанда ҳәм Тәжикстанда ыссыханаларды үйренип киятырған япониялы илимпаз Тецуро Чида, Өзбекстандағы суўғарыў системасын да, жоқарыдағы жойбар шеңбериндеги суўғарыў усылын да жақламады. «Бул улыўма надурыс. Бунда ҳеш қандай үнемлеў жоқ» деген пикириди билдирди япониялы алым.
Тецуро Арал теңизи тарийхын үйренген алым. Ол Қарақалпақстанда бир-еки мәрте болған. Москвада архивлерден Аралға байланыслы ҳүжжетлерди, сол дәўирдеги газета-журналлардағы мақалаларды үйренип шыққан.
Мен оннан «Аралды бурынғы қәлпине қайтарыў мүмкин бе?» деп сорағанымда, ол Аралды қайтарыўдың имканы жоқлығын билдирди. Соң бираз турып, «Егер, суўғарыў системасы түпкиликли өзгертилип, суўдан үнемли пайдаланыўға өтилсе, Үлкен Аралдың бир бөлегин сақлап қалыў мүмкин» деген үмитлендиретуғын пикирди айтты.
Бәлким, жақын жыллар ишинде елимизде бурыннан қәлиплескен суўғарыў системасын түпкиликли өзгертиўдиң өзи имкансыз шығар?! Лекин, келешекте суўды аўыл хожалығында болсын, үйимизде болсын үнемлеўге өтетуғынымызға мениң исенимим кәмил.