БУХАРА СУЎЫНЫ МЕНЕН СӘЎБЕТ
Журналистлер ушын Германия бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў орайы биргеликте Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватына медиатур шөлкемлестирилди. Медиатур барысында биорезерват турмысы менен танысып жүрип, бул жердиң белгили турғынларынан бири, «Қызыл китап»қа кирген қәдирли ҳайўан ўәкили, Бухара суўынын ушыратып қалдым.Ўақытты қолдан жибермей оны сәўбетке тарттым.
— Дәслеп өзиңизди таныстырсаңыз?
— Мени өзиңиз таныстырып болдыңыз, анық атымды айтыў шәрт емес, себеби, мен бүгин көплеген машқаланы көтермекшимен. Биорезерват инспекторлары таўып алып, тоғай ишиндеги «вольер»ге тығып таслаўынан да қорқамыз, расын айтқанда. Еркинликкке не жетсин! Сол ушын, бизди енди, Бухара суўыны деп атаў менен бирге Хангүл деп та атайды, сонлықтан атымды Хангүл, фамилиямды, тийкарымыз Бадай тоғайлы болғанлықтан, Бадаев деп ала бериң.
— Жүдә мақул, Хангүл Бадаев. Сиз мен интервью алып атырған биринши суўынсыз. Айтыңызшы қандай машқалалар сизди қыйнамақта?
— Сиз де мениң менен сәўбет жүргизбекши болған биринши журналистсиз. Алдынлары да келер еди журналистлер. Тоғайды сүўретке алып, бизлерди сыртымыздан түсирип, «бәри жақсы, бәри гүләла-гүл» деп кетип жүрди. Бүгин мен ишимиз дәртке, тоғайымыз иши машқалаға толғаннан кейин, туўры гәпти айтыўға бел байладым. Сен де бәри жақсы дей бермей, гәплеримди бурмаламай, толық жаз, бала.
— Баслы машқаламыз, кейинги жыллары Әмиўдәрьяның суўы төменлеп кетип, тоғайымыздың көпшилик бөлегине суў шықпай атыр. Ақыбетте, тораңғылларымыз қуўрап басламақта, биз жейтуғын шөп-шарымыз азайып бармақта. Мәселен, өзиңиз тоғайға кирип көрдиңиз мине, бул айтқанларымнан басқа, сиз журналист сыпатында нени байқадыңыз?
— Ҳеш нәрсе. Тоғай мен ушын бир тоғай.
— Журналист деген серли болыў керек. Суўсызлық ақыбетинен тораңғылларымыз қуўрап, абайлаған болсаңыз, орнын жыңғыл менен қарабарақ басып баратыр. Бул турыста көпке бармай тоғайымыздан айырыламыз. Оннан қала берсе, ана үлкен жолдың арғы жағына цемент заводын қурғансызлар, соннан шыққан шаң, самал менен бизге жетип келип, биз жейтуғын өсимликлердиң жапырақларына жабысып атыр. Жесең аўзыңа бир түрли дәм келеди. Үлкен суўынлар ҳеш гәп, сәл пәл аўырып қоярмыз, балаларымызға қыйын. Бизди не қыра жақсызлар ма?!
— Қой, сизлерди қырыў ҳеш кимниң ойында жоқ. Ашыўға берилмең. Мәмлекет сизге ғамхорлық етип атыр, шараят жаратып атыр. Қайта көбейип атырған жоқсызлар ма?
— Мәмлекетке рахмет, шынында да қарасып атыр. Улыўма майданы 68 мың гектардан аслам жерди берип қойыпты. Қудайға шүкир, мына қуўраған тораңғылды шертип қояйын, көбейип атырмыз. Алдын 1976-жылы Бадай тоғай қорықханасында күтим бериў ханасы (вольер) дүзилип, оған Қызылқум қорықханасынан 3 бас, 1978-жылы Тәжикстанның Ромит қорықханасынан 9 бас суўын алып келинген болса, олар бираз көбейип, 1982-жылы 32 бас суўын усы тоғайзарлыққа еркин жиберилген. Арадан 15 жылдай өтип санымыз 150 ге жетти. 2010-жыллары болса, санымыз 580 нен асты.
— Машқалаңызды шешиў ушын тийисли шөлкемлер илажын ойлап атырған шығар?
— Еситип атырмыз, ҳәр түрли усыныслар айтылып атырған қусайды. Биреўлери айырым суўынларды басқа тоғайларға көшириўди айтса, биреўлери «суўынлар көбейген болса, аңшылыққа руқсат берип, бизлерди атып, пул табыў» жолын айтыпты. Нетерсең, ондай қанхорлар да бар.
— Өзиңиздиң пикир ҳәм тилеклериңиз бар шығар?
— Бизге салса, дәрьяға суў насоз қойып, тоғайды суўғарып турса, тоғайды гүллендирип жиберсе. Айырымларымызды көширетуғын болса, тезирек көширсе. Касқырлардан абайласа. Өзлериниң баласына қарағандай қараса…
— Яқ бар-ғо, билемен. Бул бир гәптиң салты-ғой. Машқала ҳәм усынысларыңыздан тийисли шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери хабар табады деген үмиттемиз. Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.
PS: Интерьвю барысында ҳеш бир суўын зыян көрмеди.