КАССАДАН ТЫСҚАРЫ АЙЛАНҒАН МИЛЛИАРД
Әлбетте, ҳәр қандай исбилермен пайда көриўге ҳәрекет етеди. Лекин, бундай ҳәрекет нызам шеңберинде болыўы керек. Егер де нызамға қайшы болса, оның жуўапкершилиги болыўы турған гәп. Солай болса да, көбирек пайда көриў мақсетинде белгиленген салық төлемлеринен қашыў яки саўда қағыйдаларын биле тура бузыў сыяқлы нызамсыз ҳәрекетлерге қол урып атырған исбилерменлер де жоқ емес арамызда.
Төрткүлли К.Д. буннан 4-5 жыл алдын “BEST S.. P..” ЖШЖ шөлкемлестирип, нызамлы түрде ис баслады. ЖШЖ директоры сыпатында ис баслаған К.Д. арадан бир ярым ай өтип бақлаўға алынбайтуғын, яғный нызамсыз жоллар менен жасырын пайда алыў мақсетинде Қазақстан Республикасының “Альянс и Со” кәрханасы менен 1040 тонна 4-сорт бийдай өнимин елимизге алып келиў ушын дерлик 125 мың АҚШ долларлық импорт шәртнамасын дүзеди. Товарды алып келгеннен кейин арадан бираз өтип, енди Қазақстанның және бир “Бизнес Партнер” деген кәрханасы менен 204 тонна 4-сорт бийдай өними импорты ушын 28 560 АҚШ долларлық шәртнама имзалайды.
Жоқарыдағы ЖШЖ тәрепинен импорт шәрнамасы тийкарында алып келинген, мәмлекетимиз валютасында улыўма баҳасы 1 млрд. 385 млн. сум болған 1 244 тонна 4-сорт бийдай белгисиз шахсларға нақ пулға сатып жибериледи. Бунда ЖШЖ қадағалаў касса машинасынан пайдаланбай яки саўдадан келип түскен пулды жәмийеттиң кассасына кирис етпестен, сондай-ақ, пулларды банкке тапсырмастан, товарлар саўдасы қағыйдасын көп муғдарда бузады.
Ол өзиниң бул жынаятын жасырыў мақсетинде 2020-жылы ЖШЖ хызметкерлериниң 1-санлы жыйналыс баянламасын жеке өзи компьютеринде таярлайды. Онда бийдай өнимлери сақланып турған қоймахана тамынан жаўын өтиўи ақыбетинде бийдай өнимлери жарамсыз ҳалға келип қалғаны, сол себепли булар кәрхана есабынан шығарылыўы кереклиги ҳаққында жалған мағлыўматларды келтиреди. Бул баянламаны өзиниң имзасы ҳәм кәрхананың мөри менен тастыйықлайды. Соның менен бирге, бийдайдың жарамсызлығы ҳаққындағы акт ҳүжжетин де қәлбекилестиреди.
Кейин ала бул ҳүжжетлерди ЖШЖның салық нызамшылығына әмел етиўи ҳәм бюджет пенен есап-китаплардың әмелге асырылыўы бойынша тексериў ҳәрекетлерин алып барып атырған мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлерине усынады.
Тексериў даўамында оның жынаятлары әшкара болады. Жәмийет директоры К.Д. ның қарсысына жынаят иси қозғатылады. Ол Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексинде белгиленген саўда яки хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў ҳәм ғәрезгөйлик яки басқа жеке мәплерди гөзлеп мәмлекетлик проба тамғасынан нызамға қайшы рәўиште пайдаланыў, сондай-ақ, оны қәлбекилестириў жынаятларына қол урған еди.
Суд процесинде К.Д. өзиниң айыбын толық мойынлап, пушайманлығын билдиреди. Лекин, жынаятқа жаза бар. Сонлықтан, суд тәрепинен оған үлкен муғдарда жәрийма жазасы белгиленди.