Дөретиўшилик шығармалар
March 22

СОТКАНЫҢ «ҚӘДЕМИ»

Дәслебинде:

- Ҳүрметли, жыйналыс қатнасыўшылары, өтиниш, қол телефонларыңызды өширип қойың.

Кейинирек:

- Ҳүрметли, студентлер, аудиторияда лекция ўақтында сотовыйларыңызды өширип қойың.

Ҳәзирги ўақытта:

- Ҳүрметли, оқыўшылар, сабақ ўақтында сотовый телефонларыңызды өшириң.

Жақын келешекте:

- Ҳүрметли, бақша тәрбияланыўшылары, сотовыйларыңызды өширип қойып, ойнаң.

Келешекте:

- Балам, соткаңды өширип, мәммеңди емип ала ғой.

2009-жыл, декабрь