
Ассалаўма-әлейкум, «Меҳр кўзда»* көрсетиўи. Қаншадан-қаншалардың жақынларын таўып берип, саўап ислеп, алғыс алмақтасыз. Сизлерге мың рахмет. Жигербентимди излеп «Жди меня»*ға жазсам ба екен деп ойладым да кейин, ҳәрқалай ол елден шығып кетпеген шығар деп сизлерге жазыўға қарар еттим. Баўырымды излеп бир неше жылдан берли сарсаң болып киятырман. Излемеген жерим қалмады. Көп ўақытлардан берли көринбей кеткенликтен адамлар оны умытайын деген. Биреўлер оны өлдиге шығарып жүрегимди езеди. Базылар анда-санда оған усағанды көргенин, шырамытқанын айтады. Лекин, олардың айтып атырғаны мениң излеген баўырым емес. Ол жойтылғалы берли аўҳалым жаманласты. Абырайым да түсип кетти. Мениң қаным-жаным сол жигербентим екенлигин бүгинлиги түсинип атырман...

Тынышыма журе берсем болады екен. Адамлардың айтқанына ерип, саў басыма саўда салайын деп қалдым. "Өзи қылған өкинбес" деген, буған өзим айыплыман.

Ҳәзир ҳәмме нәрсе нызамластырылған. Не қылсаң нызамға туўры келеди, не ислесең нызамға қайшы болады бәри айтылған. Үйде жатып адамға тийисли нызамлардың том-томы менен оқып шықтым. Жумыстан «сокращение» болғаннан кейин басқа не талап қыламан?!

Журналист танысынан газетаның өткен бир неше санларын алған Өтебай ғарры түслик пайыты оларды бирме-бир алып парақлады. Ғаррысының чайниктеги шайын үш мәрте қайтарып алдына қойған кемпири де газета алып үңиле баслады.

Ис баслаўшы жас исбилермен қапыны әсте қақты да жүзин күлимсиретип ишке кирди. Креслосында шалқайып отырған семиз кисиниң дәслебинде сусты басты.

Ата-бабаларымыз дурыс айтып кеткен-ғо, арбаны сөзге жеккениң менен ҳеш нәрсе шықпайды. Абайлайсыз ба, кейинги ўақытлары бизде қурғақ сөз, өсек сөз сөйлеў көбейип кетти. Еркеклерге шекем қурғақ сөз, өсекшил болып кеткен. Мысалы ушын бизиң мәкемеде сондай еди. Қатыны-еркегиниң өсеги «Санта-Барбара» сериалындай таўысылар емес. Ислеп шығарыўшы кәрханаларды бул аўҳал банкрот қылады екен-ғо. Ис қалады бир жақта, ҳәммени өзине үйирип сөз кетеди бир жаққа. Заманның ағымын билген жас ғана басшы келди де буның тамырына балта салды.

Жоқары оқыў орнында контракт группалардың бирине еки жылдан берли куратор болып киятырған жас оқытыўшы усы күнге шекем бир мәрте де ата-аналар жыйналысын өткермепти. Лекин, жоба бойынша жыйналыс өтиўи керек. Деканаттан бақырыс еситти. Ертеңине студентлерге айтып ата-аналарды жыйнады.