СӨЙЛЕЎ ҚАДАҒАН (сатиралық гүрриң)
Ата-бабаларымыз дурыс айтып кеткен-ғо, арбаны сөзге жеккениң менен ҳеш нәрсе шықпайды. Абайлайсыз ба, кейинги ўақытлары бизде қурғақ сөз, өсек сөз сөйлеў көбейип кетти. Еркеклерге шекем қурғақ сөз, өсекшил болып кеткен. Мысалы ушын бизиң мәкемеде сондай еди. Қатыны-еркегиниң өсеги «Санта-Барбара» сериалындай таўысылар емес. Ислеп шығарыўшы кәрханаларды бул аўҳал банкрот қылады екен-ғо. Ис қалады бир жақта, ҳәммени өзине үйирип сөз кетеди бир жаққа. Заманның ағымын билген жас ғана басшы келди де буның тамырына балта салды.
Қыйын болады екен. Бизиң мәкемеде сөйлеў қадаған етилди. Бир күни жумыстың жыйналысында таза басшымыз жағдайды ҳәр тәреплеме үйренип шыққанын айтып, усындай шешим қабыллады.
- Сонда қалай дым сөйлемеймиз бе? – деп жабырласты адамлар.
- Ертең мәкемениң буйрығы шыққаннан баслап «илла» деп аўзыңызды ашпайсыз. Бул ҳәммеге тийисли. Наразылар жумысты қойыўы мүмкин, - деди де баслық жыйналысты жуўмақлады. Дым үйренисе алмай жүрдик дәслебинде. Жумысымды таслап кетейин десем, үйренискен жерим. Илаж жоқ, қағыйдаға бойсынып, әсте көнлиге басладық. Азанда көриссек, ҳәтте «Ассалаўма-әлейкум» демеймиз, қол алысып, күлимсиреп бас ийзесемиз. Себеби, бир сөз сөйлесең – 20 процент айлық қырқылады, еки сөзге – 40 процент, үш сөзге жумыстан кете бересең.
Ўай-бу бала, қанша адамлар жумыстан айырылды. Мәкеме жаўылып қалатуғын шығар деп едим. Яқ, сөйлемей жүрген бир адам төрт-бес адамның жумысын атқарып кете береди екен-ғо. Соның менен-ақ ислеп шығарыў даўам ете берди. Жумыста отырып азаннан-кешке аўзы «гөжедей қайнайтуғын»лардан айырымлары кеткеннен улыўма қайтып дарымады. Биразлары келип, «жумысқа қайтып алың, енди сөйлемеймен» дейди де және сөйлегени ушын жумыстан кете береди. Баслық та «яқшы, келе бер» дей алмайды.
Қызық болады екен. Усы қағыйда күшке енгизилген күннен баслықтан баслап «гүң» болып жүрген «тилине беккем» хызметкерлердиң өзи 3 ай даўамында 40 проценттен айлықларынан айырылды. Мың сөйлемеймен деген менен «аўа», «яқ» деп яки биреўдиң атын айтып қояды екен адам. Қағыйда ҳәммеге теңдей. Сөйлеў қадаған. Көпшилик «мурттай ушып», мәкеме тазарды қалды.
Дәслепки күнлери сөйлемеў ушын көбиси аўзыларына лекопластыр жабыстырып жүрди. Маған ҳеш гәп насбайым бар, тилдиң астына таслап аламан да гүм болып отыраман. Жумысты түсинбегенлер көп қыйналды. Сорайын десе, сөйлеў керек. Қашанғы жазып берип жүреди. Илажсыз кетеди. Өз исин жақсы билетуғын, сөйлемейтуғынлар көбейе баслады жумыста. Ҳәмме үндемес болса, сөйлемей жүриўге болады екен-ғо. Жағы-жағына тиймейтуғынлардыӊ айырымлары гүң болды қалды. Бурынғыдай «мына кварталда мынадай затлар ислеймиз», «мынадай режелеримиз бар» дейтуғын, кемшилик кетсе сулыўлап сылтаў тоқыйтуғын бүлбилзибаншылық жоқ. Тил байланса, қол ислеп кетеди екен. Ислеп көрсетеди. Болмайтуғын болса, қайтадан ислейди. Арба иске жегилди.
Зор болады екен. Ҳәр бир цехта товарлар сапа ҳәм сан жағынан өсти. Кәрхананың дәраматы асты. Айлықлар көбейди. Баслықлар бақырыс ушын-ақ өткеретуғын жыйнылыс деген улыўма қалды. Былайынша да бақыра алмайды. Бизде сөйлеў қадаған. Хызметкерлер сөз бенен жеткере алмайтуғын дәрежеде қуўанышлы. Жеткере алмайды да, ишлей қуўанып жүре береди тек. Мәкеме токдан, телефоннан үнемлеўдиң жоқары шегине жетти. Телефонда баяғыдай саатлап былшылдасыў жоқ, оннан ҳеш ким пайдаланбайды. Жәмәәтте бақырыс-шақырыс туўарылды. Кабинетлерде және жумыс ўақтында арақ ишиў тоқтады. Пяң адам сөйлеп қояды, сояғынан қорқады. Хызметкерлердиң туўылған күни болсын, басқа той-мерекеси болсын, бетине ыржыйып, қолынан қысып силкип қутлықлап қоясаң. Айлық үйге лөк барады.
Хызметкерлеримиз сөйлемеўге тәўирақ үйренисип кеткенликтен үйлеринде де сөйлемейди екен. Ҳаял кәсиплеслеримиздиң күйеўлери баслыққа келип қолынан қысып, рахмет айта береди. Еркек кәсиплеслеримиздиң ҳаяллары болса, үйлеринде бақырыс-шақырыстан қутылғанларынан қуўанып, күйеўлерине түслик таярлап, жумысқа әкеледи. Сөзден иске өткенниң және бир дәлили, жумысшылардың шаңарақларында толысыўлар жүз берип атыр.
Усы әпиўайы усыл бундай үлкен нәтийже келтиреди деп ҳеш ким ойламаған еди. Басқалар да усы усылды қолланса жаман болмайды. Мәкемемиз усыннан гүллеп кетти-ғо. Сөзди таўған адам басына бәле таўған-ғо өзи. Бирақ, кейинги ўақытлары бир нәрсени сезип жүрмен, айырым адамлар ымласыўға өтип атыр. Баслыққа кирип буны да қадаған етиў кереклигин айсам ба деп жүрмен. Бирақ, оған қалай түсиндириўди, қалай жеткериўди ойлап басым қатып тур. Қолымнан жазыў келмесе. Өзим шала саўат бир қараўыл болсам. Маған гәпти берип қоя бер, тек алтыншы, қала күнлери. Басқа ўақытта сөйлеп жумыстан айырылатуғын жағдай жоқ. Бизде сөйлеў қадаған.